Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультетинде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша «Жоқары оқыў орынларында коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў» атамасында ушырасыў болып өтти. Онда факультет деканы Н.Кайпов, Коррупцияға қарсы гүресиў «Комплаенс қадағалаў» бөлиминиң баслығы К.Утениязов, «Коррупцияға қарсы гүресиў» клубының ағзалары, студентжаслар қатнасты.

Мәжилисте жоқары оқыў орынлары системасында ушырасып атырған жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлар, бул тармақта жазғы семестр ҳәм қабыллаў мапазындағы имтиханлар ўақтында коррупция менен байланыслы нызамбузылыў жағдайлары ҳаққында сөз болды.

Илажда бундай унамсыз жағдайлар коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы реформалардың нәтийжесин ҳәм халықтың исенимин жоққа шығаратуғыны атап өтилди. Бул жынаятлардың келип шығыў себеплери, олардың алдын алыў ушын көрилетуғын илажлар ҳаққында университеттиң профилактика инспекторы, капитан И.Ережепов ҳәм басқа да жуўапкерлер мағлыўмат берди.

– Бүгинги илажда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша сырт еллердиң тәжирийбеси, пара бериў ҳәм алыў, дәмегөйлик, саўға бериў арқалы адамлардың ҳуқық ҳәм мәплерине қарсы ҳәрекет етиў бойынша мағлыўмат берилди, – дейди юридика факультети юриспруденция бағдары студенти, университеттиң Коррупцияға қарсы гүресиў клубының сәрдары Алишер Усмонов. – Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 210-211-212-статьялары менен студентлерди таныстырып, олардың ҳуқықый саўатлылығын ҳәм билимлерин арттырыўға ҳәрекет еттик.

Илажда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша таярланған видеороликлер қойылып, студент-жасларды қызықтырған сораўларға жуўап берилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги