ӨзЛиДеП Беруний районлық Кеңесиниң гезектеги конференциясы болып өтти. Онда партия хызметкерлери, депутатлар, басланғыш партия шөлкемлериниң улыўма мәжилислеринде сайлаған делегатлар қатнасты.
Конференцияда партияның районлық шөлкеминиң өткен дәўир даўамындағы жумыслары есап-санақ етилип, ерисилген табыслар менен жол қойылған кемшиликлерге айрықша тоқтап өтилди.
Партияның Беруний районлық Кеңесиниң қурамы 64 басланғыш партия шөлкемлеринен ибарат. Олардың қатарына 4898 партия ағзалары бирлескен.
Мәжилисте ӨзЛиДеП Беруний районлық Кеңеси шөлкемлеринен Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеминиң гезектеги конференциясына қатнасыў ушын делегат сайлап алыў мәселеси көрип шығылды.
Конференция қатнасыўшылары болажақ әҳмийетли сиясий илажды шөлкемлескенлик пенен жоқары дәрежеде өткериўге пуқта таярлық көрилиўи зәрүр екенлигин атап өтип, сайлаў кампаниясы дәўиринде өткерилетуғын партия илажларында, партияның электораты ўәкиллери, халықтың ҳәр қыйлы қатламлары, мәҳәлле белсендилери, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың қатнасыўы зәрүр әҳмийетке ийе екенлигин айтып өтти.
Конференцияда орынланыўы керек болған бир қатар анық илажлар белгиленип, талқыланған мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди ҳәм ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеминиң гезектеги конференциясына делегатлар сайланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги