“Соғлом авлод учун” халықаралық қайырқомлық фонды ҳәм “Ўзбекистон темир йўллари” акционерлик жәмийети менен биргеликте репродуктивлик жастағы ҳаял-қызлар ҳәм ҳәмиледар ҳаялларға ҳәм балаларға медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, Президентимиздиң 2023-жыл 28-февральдағы пәрманы менен тастыйықланған 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын “Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 16-22-май күнлери аралығында Ташкент-Қоңырат-Қарақалпақстан-Жаслық-Ташкент жөнелиси бойынша “Саламатлық” поезды шөлкемлестирилди.
–Илаж даўамында республикамыздың ең шетки аймақлары есапланған Қарақалпақстан ҳәм Жаслық посёлкалық пуқаралар жыйынларында жасаўшы халық тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилип, жәрдемге мүтәж шаңарақларға мүриўбет жәрдеми көрсетилди,-дейди “Соғлом авлод учун” халықаралық қайырқомлық фонды Қарақалпақстан филиалның директоры Оразгүл Ембергенова.- Атап айтқандаҚарақалпақстан посёлкалық пуқаралар жыйынында жасаўшы социаллық жәрдемге мүтәж, майыплығы болған шахслар, бағыўшысынан айырылғанлар, “Темир дәптер” ҳәм “Ҳаял-қызлар дәптери”нде турыўшы жәми 820 адамға дәри-дәрмақ, овощлы витаминге байытылып кептирилген араласпалар, көзәйнеклер, санитария-гигиена буйымларынан ибарат инсаныйлық жәрдеми районлық Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлимлери ўәкиллериниң қатнасында жеткерип берилди. Сондай-ақ, Жаслық посёлкалық пуқаралар жыйынында жасаўшы социаллық жәрдемге мүтәж, майыплығы болған шахслар, бағыўшысынан айырылғанлар, “Темир дәптер” ҳәм “Ҳаял-қызлар дәптери”нде турыўшы жәми 299 адамға усындай жәрдем көрсетилди.
Медициналық тексериўлер Ўзбекистон темир йўллари” акционерлик жәмийетиниң “Саламатлық” тиббий санитариялық жәрдем поездының шыпакерлери, фондтың Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалының көшпели медициналық-социаллық жәрдем бригадасының қәнигелери, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў системасының шыпакерлери тәрепинен өткерилди. Терапевт, педиатр, гинеколог, невропатолог, стоматолог, лор, офтальмолог, хирург шыпакерлер тәрепинен еки аймақтағы 1725 адам тексериўден өткерилди. Соннан шыпакерлер тәрепинен кеселлик анықланған наўқасларға емлеў бойынша мәсләҳәт ҳәм усыныслар билдирилди.
Шетки экологиялық шараяты қолайсыз болған аймақларда жасаўшы халықты тәжирийбели қәнигелер тәрепинен заманагөй медициналық асбап-үскенелерден жәрдеминде тексериўден өткериў айрықша әҳмийетке ийе. Тексериўлер барысында анық лабораториялық анализлерге ҳәм заманагөй тексериў усылларына сүйенген ҳалда диагнозлар қойылды. Атап айтқанда, 325 пуқара ЭКГ тексериўинен, 496 пуқара УТТ тексериўинен ҳәм 691 пуқара лабораториялық, 202 пуқара флюрографиялық тексериўден өткерилди.
Медициналық тексериў даўамында үлкен жастағылар арасында түрли кеселликлер (жүрек-қан тамыр, дем алыў, аўқатты сиңириў системасы, нерв ҳәм эндокриноген кеселликлер, таяныш ҳәрекетлери системасы кеселликлери) анықланды. Кеселлик анықланған наўқас балалар менен жас өспиримлерди амбулаториялық шараятта, сондай-ақ, Ташкент педиатрия медицина институтының клиникасында, “Ўзбекистон темир йўллари” акционерлик жәмийетиниң клиникалық емлеўханасында емлениўи ушын жолламалар берилди.
Халықтың медициналық билимин жетилистириў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, “Ана ҳәм бала” скрининги тексериўлериниң мазмун-мәнисин кеңнен түсиндириў мақсетинде ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери өткерилди. Усы илажлар даўамында халыққа “Ағайынлерге қуда болмаң”, “Ерте турмыс қурыўдың унамсыз ақыбетлерин билесиз бе?”, “Медициналық тексериўдиң әҳмийети” ҳәм басқа да темаларда буклетлер тарқатылды.
Фондтың Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалының көшпели медициналық-социаллық жәрдем бригадасының қәнигелери Қарақалпақстан ҳәм Жаслық посёлкалық пуқаралар жыйынларының шетки аймақларында жасаўшы халықты, соның ишиндеҳаял-қызлардың ҳәм балалардың денсаўлығы тереңлестирилген тексериўден өткериў менен бирге, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға, майыплығы болған шахсларға ҳәм бағыўшысынан айрылғанларға, жәми 820 пуқараға гуманитарлық жәрдем көрсетилди.
Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы Қоңырат районлар аралық перинатал орайына 10 түрдеги 8830 дана, Беруний районлар аралық перинатал орайына 9 түрдеги 5780 дана, Шымбай районлар аралық перинатал орайына 9 түрдеги 5280 дона, Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық перинатал орайына 6 түрдеги 5411 дана дәри-дәрмақлар, Қоңырат районы медицина бирлеспесине 10 түрдеги 5081 дана көзәйнек, Нөкис қаласындағы Ҳаял-қызлар ушын Мүриўбет үйине 4 түрдеги санитария-гигиена қураллары, Нөкис районлық медицина бирлеспесине 3 түрдеги 5370 дана дәри-дәрмақ ҳәм көзәйнек тапсырылды. Улыўма республикамыздағы емлеў-профилактика мәкемелерине 1 миллиард 532 миллион 331 мың сумлық дәри-дармақлар, санитария-гигиена буйымлары, түрли темалардағы буклетлерден ибарат мүриўбет жүклери тарқатылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.