Нөкис гарнизоны Мобилизациялық шақырыўы резерви батальоны бүгин ең заманагөй ҳәм ықшам шараятларға ийе әскерий бөлим қатарында хызмет етиўшилерге дәслепки әскерий көнликпелерден сабақ бермекте. Ең қуўанышлысы сонда, әскерий хызметке келип атырған қарақалпақстанлы азаматлар елимиздиң ең үлгили, ҳүрметли, талантлы жасларынан болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта бир айлық әскерий хызметке келген қәбилетли әскерий хызметкерлер менен танысың.

Әскерий хызметкер Маҳмуд Аллаяров, топар белсендиси:

– Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң өзбек тили филологиясы бағдарын тамамлағанман. Әскерий хызметке келип, жигитлик ўазыйпамды өтеп атырғанымнан оғада қуўанышлыман. Әскерлик хызмет басқа тараўлардан өзегешеленеди, бул кәсип мақтанышлы кәсип, бирақ мойнына ўатанды қорғаўдай әҳмийетли ўазыйпа жүкленген. Әскерий хызметтен соң, мен де Ўатан қорғаўшылары менен бир қатарда хызмет етиў тилегиндемен.

Әскерий хызметкер Қыдырнияз Бабаниязов, актёр:


– Ҳәр бир ул бала балалығынан әскер болыўды нийет етеди. Мен де кишкене ўақытларымнан әскерлер турмысына қызығып, олар менен жақыннан танысқым келетуғын еди. Арадан жыллар өтип, диплом ийеси болдым. Актёрман. Үстиме әскерий липас кийемен де, актёрлық шеберлигимди иске қосып театр сахнасында арқайын әскерий хызметкер образында тамашагөйлер алдына шығаман. Бирақ ҳақыйқый әскерий өмир менен сахнадағы ролимниң жүдә үлкен өзгешелиги болатуғын еди. Бир айлық әскерий хызметке келген болсам да, әскерий тәртип ҳәм жуўапкершилик сезими қәлбимди ийеледи. Әскерлер турмысы менен жақыннан танысып атырман. Азанде ерте ояныў, сапта жүриў, шынығыўлар процеси – булардың барлығы ҳақыйқый. Яқ, меннен әскерий хызметкер шықпайды. Бирақ, кәсибим арқалы әскерлердиң турмысын жарытыўым керек. Олардың машақатлы ҳәм жуўапкершиликли хызметлери мақтаўға ылайық.

Әскерий хызметкер Қанат Пиржанов, спортшы:


– Мойнақлыман. Бир ўақытлары районымызда Арал теңизиниң порты болған. Тәбият апатшылығы бүгин теңизди бизлерден алып кетти. Қашан қайтады оны ҳеш ким айталмайды. Билесиз бе, не ушын Арал ҳаққында сөз аштым, бул үлкен теңиз мойнақлылар ушын өмир дәреги еди. Теңиздиң жойтылыўы инсанларды қайғыға салды, экологиялық жағдай өзгерип, адамлар арасында кеселликлер ҳәўиж алды. Мойнақлылар бул жерлерди таслап кете баслады. Соңғы жыллары алып барылған реформалардың нәтийжесине бола, ҳәзирги күнде Мойнақта жаңа турмыс нәпеси сезиле баслады. Қала қурылысындағы өзгерислер биз жасларды қуўандырып жиберди.

Өзим спортшыман, бокс бағдарында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан республикалары чемпионатында қатнасып, сыйлы орынларға ийе болдым. Жигитке қырқ өнер де аз дегениндей, аспазлық сырларын үйрендим. Европа ҳәм түрк асханасының барлық тағамларын таярлаў қолымнан келеди. Мойнақта жаратылып атырған кең имканиятлар шеңберинде мен де районымызда туристлер ушын Европа, қарақалпақ ҳәм өзбек миллий тағамларынан ибарат кафе ҳәм мийманхана жумысын жолға қойыў нийетиндемен. Мақсетлер көп, ҳәр бирине басқышпа-басқыш ерисип бармақтаман. Ҳәзирги ўақытта жигитлик ўазыйпамды атқарыў ушын әскерий хызметке келдим. Буннан әлбетте, қуўанышлыман!

Әскерий хызметкер Жасурбек Исмоилов, спортшы:

 


– Спорттың миллий гүрес түри менен шуғылланып келемен. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан гүресшилери арасында болып өткен жарысларда қатнасып, чемпион болғанман. Әрманларына ерисиў ушын инсан ҳәрекеттен тоқтамаўы керек, дейди. Ҳәрекет артынан ерисип атырған жетискенликлерим көп. Ҳәзир ең жоқары мақсетим, бир айлық әскерий хызметти өтеп болып, өрт қәўипсизлиги хызметинде жумысты баслап алыў. Бизлер ушын жаратылған шараятлар маған оғада унады. Бос ўақытларымда китап оқыў имканиятының бар екенлиги мени қуўандырды. Досларымның қатары да кеңейди.

Әскерий хызметкер Иса Пердебаев, спортшы:


– Әскерий липас кийгенимнен берли өзимди басқа бир инсан сыпатында көрдим. Спортшыман, «Туран» жеке гүреси менен шуғылланып, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан чемпионатларында чемпион да болғанман. Ендиги мақсетим, әскерий спортшылар қатарында Өзбекстанның байрағын дүнья аренасына алып шығыў. Биринши әскерий сабақларды өтип атырған әскерий командирлерге шексиз миннетдаршылық билдиремен. Бир айлық әскерий хызмет тек ғана ўақыт өткериў дегени емес. Ал әскер болыў тилегин билдирген жаслар ушын ҳақыйқый турмыс мектеби болып есапланады.

Әскер Бахтияр Бердимуратов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети муғаллими:

 


– Заман жеделлик пенен өзгерип баратырған бир ўақытта, шет тиллерди үйрениў барлық тараўда соның ишинде, әскерий тараўда да үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады. Тил билген адам басқа бир мәмлекет пуқарасы менен арқайын пикирлеседи, тәжирийбе алмасады. Бул болса өз гезегинде, тараўды раўажландырыўда, заманагөй билимлерди ийелеўге хызмет етеди. Әскерий хызметке келгенимнен берли мен де келешекте Қураллы Күшлеримизде алып барылып атырған реформалар ҳаққында инглис тилинде мақалалар таярлап, баспа ҳәм электрон редакцияларға бериўим мүмкин екенлиги ҳаққынла ойлап атырман. Мақтаныш пенен айта алыў мүмкин, елимизде ең заманагөй ҳәм қүдиретли армия жаратылған болып, әскерий хызметти өтемекши болған жаслардың саны күннен-күнге артып бармақта. Елимиздиң тынышлығы ҳәм татыўлығын тәмийинлеп, қорғаныўымызды қорғап атырған мәрт батырлар арасында аз мүддет болса да, бирге екенимнен қуўанышлыман.


Қураллы Күшлер хызметкери Шоҳиста Абдураҳманова,

Арқа-батыс әскерий округи баспасөз хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги