Ҳәр бир халықтың үрп-әдет, салт-дәстүр, мәденияты менен көркем өнерин дүньяға танытыўда көркем әдебияттың тутқан орны айрықша. Әсиресе, кең көлемдеги прозалық шығармалар арқалы дүнья жәмийетшилиги ҳәр қандай халықтың тарийхы, мәденияты ҳәм миллий өзгешелиги менен жақыннан танысады. Соңғы жыллары қарақалпақ әдебиятының проза жанрының повесть ҳәм роман жанрларында қәлем тербетип киятырған қылқәлем ийелери баршылық. Бирақ, тилекке қарсы олардың арасында «шөмишке илинетуғын»ы азлаў.
Усындай аз сандағы жазыўшыларымыздың бири «Шуҳрат» медалы ийеси, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алланазар Әбдиев болып, ол быйылғы жылы өзиниң қутлы 60 жасын белгилемекте. Жас гезлеринен баслап әдебият майданына мәрдана кирип келип, өткен жыллар ишинде 2 роман, 5 повесть, 100 ден аслам гүрриң, көплеген илимий ҳәм публицистикалық мақалалар жазды. «Қарақалпақ әдебиятында илимий-фантастикалық жанрдың пайда болыўы ҳәм қәлиплесиўи» деген темада илимий жумысын табыслы қорғап, филология илимлериниң кандидаты илимий дәрежесин алыўға миясар болды.
Университетти оқып тамамлағаннан соң Қарақалпақстан телерадиокомпаниясында редактор, «Еркин Қарақалпақстан» газетасында әдебий хызметкер, «Әмиўдәрья» журналында бас редактор, «Қарақалпақстан спорты» газетасында бас редактор болып жемисли хызмет иследи.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында елимизге белгили жазыўшы, илимпаз ҳәм журналист А.Әбдиевтиң 60 жыллық юбилейине бағышланып, илимий-теориялық әнжуман болып өтти.
Әнжуманды НМПИ проректоры Қ. Қадиров басқарып барды.
Онда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары Ғайрат Мажид, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы К.Каримов, педагогика илимлериниң докторы Қ.Юсупов, әдебиятшы алымлардан профессор Қ.Оразымбетов, филология илимлериниң докторы П.Нуржанов, филология илимлериниң кандидаты М.Бекбергенова, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров, «Қорақалпоғистон тонги» газетасы бас редакторы, Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист Н.Матякубова, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы директоры А. Есимбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, А.Әбдиевтиң жазыўшылық ҳәм журналистлик дөретиўшилик жолы, алып барған илимий педагогикалық жумыслары ҳаққында кең түрде айтып өтип, юбилярды 60 жасы менен қутлықлады ҳәм оған өзлериниң таярлаған естелик саўғаларын тапсырды.
Сондай-ақ, кешеде Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының бөлим баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурман, шайыр Раўаж Отарбаев илаж қатнасыўшыларына А.Әбдиевке арнап жазған жаңа қосықларын оқып берди.
Әнжуман соңында А.Әбдиев шығып сөйлеп, өзине көрсетилип атырған бундай жоқары ҳүрмет ҳәм иззет ушын шөлкемлестириўшилерге өзиниң терең миннетдаршылығын билдирип, халқымыздың кеўлинен шығатуғын әжайып әдебий-публицистикалық шығармалар дөретиў ушын өзиниң бар күш-жигерин жумсайтуғынлығын айтып өтти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы