Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 3-апрельдеги «Суўдан пайдаланыў ҳәм суўды тутыныўда суў ресурсларының есабы ҳәм есабатын ҳәм мониторингин жүргизиў тәртибин және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында усы ислер бойынша тийкарғы тәртип-қағыйдалар белгиленген.
Қарарға муўапық, агросаноат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясына жүкленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша инспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен орынларда суў алыў орынларын суўды басқарыў ҳәм есапқа алыў қураллары менен үскенелеў, суўдан пайдаланыў ҳәм суўды тутыныўда суў ресурсларының есабы ҳәм есабатын жүргизиў тәртип-қағыйдаларына муўапық системалы мониторинг орнатылған.
– Суўдан пайдаланыў режимине қатаң әмел етиў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўдың ең зәрүрли факторы болып есапланады,-дейди «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасының сектор баслығы К.Алланазаров.
Сонлықтан да, быйылғы жылы жазғы суўғарыў мәўсими ушын суў алыў лимитининг ҳәр бир пайдаланыўшы ҳәм қарыйдарға бөлистирилиўи ҳәм жеткерилиўи бойынша дүзилген шәртнамалар қадағалаўға алынған.
Буннан тысқары, суўдың есабы толық жүргизилиўин қадағалаўға алыў мақсетинде суў жеткерип беретуғын шөлкемлер, фермер ҳәм кластер кәрханалары тәрепинен суўдың алды-бердиси белгилениўи ушын қойылған журналлар Инспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен дизимнен өткерилди.
Суўдан пайдаланыў ҳәм суўды тутыныўда суў ресурсларының есабы ҳәм есабатын жүргизиў тәртибине әмел етиў бойынша өткерилген қадағалаў илажлары даўамында айырым қәте-кемшиликлер анықланды.
Атап айтқанда, Сүўенли ирригация системалары басқармасы есабындағы М.Нурмухамедов, Бирлик ҳәм Қундызлы каналларының ПК-790 ларындағы, соның менен бирге, Нөкис районы ирригация бөлими есабындағы Кердер каналының ПК-25 ҳәм Абатжап каналының ПК-65 лериндеги суўдың алды-берди журналлары қәтеликлер менен ҳәм алынған суўлардың муғдары қарыйдарлар тәрепинен қол қойылмағаны, суўдың есабы жүргизилмегени анықланды. Жуўапкер хызметкерлер Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң тийисли статьяларына муўапық жуўапкершиликке тартылды.
Соның менен бирге, быйылғы жылы Инспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен аўыл хожалығына мөлшерленген суў ресурсларынан пайдаланыў үстинен бақлаў саласында 757 қадағалаў илажлары өткерилди. Соның 151 ин суў хожалығы шөлкеми, үшеўин суўдан пайдаланыўшалар аўқамы, 582 син фермер ҳәм кластер хожалықлары ҳәм 21 ин жеке пуқаралар ҳәм басқаларда өткерилген қадағалаў илажлары қурайды.
Өткерилген қадағалаў илажлары даўамында анықланған кемшиликлер бойынша жәми 23 миллион 400 мың сумлық 30 ҳәкимшилик жәрийма қолланылды. Ал, 1 жағдай бойынша топланған материал жынаят ислери бойынша судқа жиберилди.
Буннан басқа, 639 ескертиў, 87 жазба көрсетпе тийисли шөлкемлердиң басшыларына жиберилди.
Ҳәзирги ўақытта мониторинг илажлары даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги