Улбосын Кеўлимжаева бул исмди еситкенде көпшилик оны танымаслығы мүмкин, деген менен, кишкене болыўына қарамастан заманласларына салыстырғанда әдеўир жетискенликлерге ерискен.

Улбосын 2003-жылы 17-май сәнесинде Нөкис қаласинда туўылған. Оның ең биринши билим алған дәргайы Прогресс мектеби болып, биринши класынан баслап тоғызыншы классқа шекем ҳәриптен баслап қәлем услап  жазыўға шекем үйреткен ҳәм үлкен өмирге қәдем таслаўына себепши болған устазлары Маргарита Афинова, Тамара Қуўатовналар өзлериниң билимлерин берип келген болса, 10-11 класс дәўиринде Нөкис қаласындағы 33-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқыды. 2020-жылы  Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Рус-тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарына 167 балл менен мәмлекетлик грант тийкаринда оқыўға қабыл етилди.

Улбосынның  шаңарағын педагоглар шаңарағы, десек қәтелеспеген боламыз. Ата-анасы да билимлендириў тараўында жемисли мийнет етип келмекте. Шаңарағында үш қыз ҳәм еки ул болып, әжапасы Гүлмийра студентлик дәўиринде Наўайы стипендиясының ийеси болған болса,  ҳәзирги ўақытта уинверситетте жасларға билим бермекте.

Улбосынның бүгинги күнге шекем жигирмадан аслам илимий мақаласы ҳәм бир оқыў методикалық қолланбасы жарық көрди. Илимий басшысы  Айсултан Маратовнаның басшылығында көплеген нәрселерди жалықпастан үйренди. Университетте өткерилген «Жыл студенти-2022» таңлаўында «Өз қәнигелиги бойынша жылдың ең жақсы билимдан студенти» номинациясының жеңимпазы болды.

Ҳәзирги ўақытта үшинши курста билим алып атырған оның мақала ҳәм тезислери Ҳиндистан, Россия мәмлекетлериниң абырайлы илимий журналларында, конференция топламларында жарық көрди.

2022-2023-оқыў жылы Улбосын әўметли келди. Ол Наўайы атындағы стипендияның жеңимпазы болды.

Бул қуўанышлы хабарды еситип оның менен жүзбе-жүз көрисиўди нийет еттим. Улбосын жақсы сәўбетлес, онда ҳеш қандай менменликти көрмедим, ашық түрде сөйлесип кеттик, мени өзине жыллы қабыллады. Стипендияны алыўда қандай қыйыншылықларға дус келдиң’из деп сораў бергенимде, мақала жазыўда азмаз машқала болғанлығын,  соғ’ан қарамастан алға ҳәрекет еткенлигин,  биринши орында ата-анасының, устазларының қоллап-қуўатлағанын айтты. Келешекте  магистратурада оқыўын даўам еттирип, рус ҳәм қарақалпақ тилиндеги сөзлердиң салстырмалы  кантент анализлери бойынша илмий жумысын жалғастырып, лингвистикаға өз үлесин қосыў нийетин билдирди.

Мақтанышымыз болған Улбосынға алдағы оқыўларында, илимий жумысларында әўмет тилеймиз. Тилегимиз – ҳаммемизге усындай әўмет күлип бақсын.

Арзыгүл ЕСЕМУРАТОВА,

ҚМУ, Малимлеме хызмети ҳәм

Жәмийетшилик  пенен байланислар тәлим бағдарының 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги