22-май күни Нью-Йорктағы Манхеттен аймағында Түркия Бас консуллығы жайласқан “Түрк үйи”не ҳүжим шөлкемлестирилди. Онда Түркия президентлигине  сайлаўдыӊ екинши басқышында даўыс бериў процеси өтип атырған еди. Бул ҳаққында Түркияның TGRT телеканалы хабар берди.

Айтылыўына қарағанда, имараттың оннан артық айналары сындырылған. Ҳүжим “терроршылар тәрепдарлары” тәрепинен әмелге асырылғаны айтылмақта.

“А Haber” телеканалыныӊ хабарына бола, кеминде бир адам жергиликли ўақыт пенен саат 03:14 (Ташкент ўақты менен 12:14) әтирапында имаратқа ҳүжим еткен. Ол айнаны лом ямаса арматура бөлеги менен сындырған. Түркия тәрепи Нью-Йорк полициясы менен байланысқан. Имарат әтирапы қоршап алынған ҳәм тергеў жумыслары басланған.

Мағлыўмат ушын, “Түрк үйи” – бийиклиги 171 м болған 36 қабатлы жүдә үлкен имарат. Ол Манхеттенде БМШ штаб-квартирасына  қарама қарсы тәрепте  жайласқан. Имарат  2021-жылы  пайдаланыўға тапсырылған. Ол Түркия буйыртпасы менен қурылған, жойбар Perkins Eastman халықаралық архитектура бюросы тәрепинен ислеп шығылған.

 

Мийуагул Турсынбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги