Өзбекстан өткен төрт айда үш млрд доллардан артық алтын экспорт етти, деп хабар бермекте  Статистика агентлиги баспасөз хызмети.

Хабарда билдирмлиўинше, усы жыл январь -апрель  айларында Өзбекстанның сыртқы саўда айланбасы 19,57 млрд долларды қурады ҳәм өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 13,4 процентке өсти. Төрт ай даўамында экспорт көлеми өткен жылға салыстырғанда 6,2 процентке өсип, 7,66 миллиард долларды қурады. Импорт және де сезилерли дәрежеде өсип — 18,6 процентке 11,91 миллиард долларды қурады. Сыртқы саўданың унамсыз тәсири 4,25 миллиард долларға жетти.

Апрель айында Өзбекстан алтын экспортын 650 миллион долларға шекем қысқартты. Сырт елге баҳалы металл жеткериўдиң улыўма көлеми 3,06 миллиард долларды қурады. Қытай 3,3 миллиард доллар (улыўма саўданың дерлик 17 проценти) менен Өзбекстанның биринши саўда шериги болып қалмақта, соннан Қытай импорты 2,72 миллиард долларды қурады. Россия Өзбекстан товарларының тийкарғы экспорт базары (585,4 миллион доллар ) өз орнын ҳәм екинши орынды сақлап қалды. Импорт болса (2,15 миллиард доллар).

 

 

Мийўагул Турсынбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги