Күнделикли жумысымыз компьютер менен байланыслы болғанлықтан ба ямаса басқа себеп болды ма билмедим еки бармағымның ушына кишкене жара шығып, ўақтында емленейин деп республикалық тери кеселликлери емлеўханасының поликлиникасында хабарластым.
Дизимнен өтип, шыпакерге мүрәжат еттим. Шыпакер мени тексериўден өткерип, бир маз, бир таблетка ҳәм он мәрте алатуғын уколь жазып берди. Мен таблетканы ишип, маздан жағып емленип атырман. Уколымды алайын деп өзим жасайтуғын Қурылысшы мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 2-санлы поликлиниканың дизимханасына мүрәжат еттим. Ол жердеги дизимге алыў орнындағы қыз мәкан жайымды сорап, биринши қабаттағы мийирбийкеге жиберди. Мийирбийкеге жағдайымды түсиндирип, он күн укол алатуғынымды айттым. Ол аймақлық шыпакерге көринип, қағаз алып келиўимдим айтты. Шыпакер қолыма қағаз жазып берип, усы тийкарда уколыңды аласаң деп, төмендеги мийирбийкеге жиберди.
Қайтадан биринши қабаттағы мийирбийкеге хабарлассам, бул қағаз бенен укол сала алмайман, маған мынадай қағаз керек, деп қайтадан шыпакерге жиберди. Және екинши қабатқа көтерилдим. Барсам шыпакер түсликке кетип қалған екен.
Соннан поликлиниканың баслығына бардым. Қабыллаўханадағы қыз баслығымыз наўқасланып атыр, екинши қабаттағы орынбасарына хабарласың деди.
Және екинши қабатқа көтерилип, орынбасарына мүрәжат еттим. Ол республикалық тери кеселликлери емлеўханасының поликлиникасында көринген шыпакерим қәте жазған деп сол жаққа силтеди. Бул қатарларды оқып отырып сизлердиң де басыңыз аўырып кеткенин сезим отырман. Қулласы, жумысым питпей үйге қайттым.
Жолда ойланаман. Егер де мениң орнымда қан басымы жоқары ямаса басқа да аўырлаў кеселликтеги, кексе жастағы адамлар болғанын да ҳалы не кешер еди. Бир укол ушын соншелли әўерегершиликтиң кимге кереги бар. Мениңше, Нөкис қаласындағы 2-санлы поликлиника хызметкерлери Президентимиздиң басламасы менен елимизде әмелге асырылып атырған “Инсан мәпи ушын” деген прициптен бийхабар болып, ескише ислеў усылынан қутыла алмай атырған көринеди. Буған тараў басшылары не деп жуўап берер екен?
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы