Германия Федеративлик Республикасының  Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Тило Клиннер  республикамызға сапары ўақтында Қарақалпақстан медицина институтында болды.

Институт ректоры, медицина илимлериниң докторы, профессор О.Атанизова бул жерде алып барылып атырған бағдарлар, олардың нәтийжелери ҳаққында айтып,  мийманларды студентлер кампусы ҳәм клиника менен таныстырды. Елши клиникада даўаланып атырған наўқаслар менен ушырасты. Институт студентлериниң теориялық сабақлар менен бир  ўақытта  әмелий сабақларды алып барыў процесслери менен танысып, олар менен жақыннан сәўбетлести.








Институт ректоры елши менен Германияның медицина жоқары оқыў орынларының арасында қарым-қатнасты күшейтиў, олар менен академиялық мобилликти орнатыў, профессор-оқытыўшылардың бул жерге  лекция саатларын оқытыўы, илимий стажировкалар, тәжирейбе алмасыўлар бойынша пикирлести.

Германия елшисиниң басшылығындағы KfW банклер топары ҳәм  Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң (GIZ) ўәкиллери Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы инновациялық орайында да болды. Орай қәнигелери мийманларға елимиз басшысының басламасы менен экологиялық машқалаларды сапластырыў мақсетнде Арал теңизиниң қурыған түбинде ҳәм Аралбойы регионында кең көлемдеги алып барылып атырған жумыслар менен таныстырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги