Социаллық тармақларда тарқалған мәмлекетлик грант тийкарында оқыған студентлердиң 3 жыл ислеп бериў миннетлемесиниң бийкар етилгени ҳаққындағы хабарлар көплеген додалаўларға себеп болды.
Бул хабар бойынша Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги рәсмий мүнәсибет билдирди.
Тийисли нызамшылыққа бола, 2005-жыл 7-июльдеги 58, 154-1, 19 ҳәм 02/2658-санлы қарар менен «Кадрларды мәмлекетлик грантлар тийкарында мақсетли таярлаў тәртиби ҳаққында» реже тастыйықланған. Онда жоқары билимлендириў мәкемелерин мәмлекетлик грант тийкарында оқып тамамлаған питкериўшилердиң 3 жыл жумыс ислеп бериў миннетлемеси белгиленген.
Атап өтилиўинше, Өзбекстан Республикасының «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы нызамының 46-статьясы биринши бөлимине бола, бурын қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге жаңа нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен зәрүр өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи ҳәм бурын қабыл етилген барлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ямаса олардың бөлимлери, егер олар жаңа ҳуқықый нормаларға қарсы болса ямаса жаңа нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет пенен толық қамтып алынған ямаса әмелде өз ҳуқықый әҳмийетин жоғалтқан болса, бирақ рәсмий өз күшин жоғалтқан деп табылмаған болса, өз күшин жойтқан деп табылыўы керек.
Мәмлекетлик грант тийкарында оқыған студентлердиң 3 жыл ислеў миннетлемеси бийкар етилмеген, делинеди хабарда.
Муҳаё Тошқороева,
ӨзА