Төрткүл районы ҳәкимлиги ҳәм районлық медицина бирлеспесиниң басламасы менен улыўма орта билим бериў мектеплериниң ҳәм мәҳәлле жасларының қатнасыўында «Саламатлық ушын 5 мың қәдем» сүрени астында пияда жүриў марафоны өткерилди.
– Жүриў сыяқлы жеңил физикалық шынығыўлар ҳәлсизлик, семизликтиң алдын алады ҳәм денсаўлықты беккемлейди, -дейди марафон қатнасыўшысы А.Суянов. – Акция биз-жаслардың спорт пенен шуғылланыўға болған қызығыўшылығымызды және де арттырды. Енди күнделикли түрде азанда усындай шынығыўлар менен шуғылланыўды әдетке айландыраман.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-ноябрьдеги «Спорттың жүриў, жуўырыў, мини футбол, бадминтон, стритбол ҳәм уоркоут түрлерин және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған саламатлық илажында мыңға шамалас жаслар белсене қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги