Қанлыкөл районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебинде талантлы шайыр, марҳум Караматдийн Төрешовтың туўылғанына 80 жыл толыўы мүнәсибети менен еслеў кешеси өткерилди.

Кешеде тараў қәнигелери, К.Төрешовтың қатар қурбылары шығып сөйлеп, аз ғана өмиринде өзиниң жақсы пазыйлетлери ҳәм дөретпелери менен халықтың есинде қалған бул инсанның турмысы ҳәм мийнетлери туўралы мағлыўматлар берилди.

К.Төрешов 1943-жылы Қанлыкөл районындағы «Арзымбетқум» аўылында дүньяға келген. Ол балалығынан жүдә талапшаң, билимли бала болып, қосық жазыўға уқыбы ерте қәлиплескен.

К.Төрешов улыўма билим бериў мектебин питкергеннен соң, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының романо-герман факультетиниң немис тили бөлимине оқыўға киреди. Немис тилинде курсласлары менен биймәлел сөйлесетуғын, билимли ҳәм өзине жүдә талапшаң студент болған.

К.Төрешовтың «Өмир сени жырлайман» атлы китабы 1973-жылы баспадан шығарылған. «Әдебиятты ағысы күшли арна деп, поэзияны кулпы дөнип турған бағ деп билсек, жас талант ийеси Караматдийн Төрешов нәўпир арнада жүзиўге талпынған, бағдың шешек атып киятырған нәўше гүллериниң бири еди. Жас нәўше гүлди сум тәғдир шағына жеткермей, оны гүллетпей биймезгил ҳазан урғызды.  Бирақ оның кәлеминен дөреген илҳам гүллери хазан урған жоқ. Олар жас қәлемкештиң атын умыттырмай, бизиң ядымызға салып турыпты. Ол өзиниң жазып қалдырған қосықлары менен бизиң поэзия бағымызда сол жас қәлпинде жасай береди. «Өмир, сени жырлайман»-оның тақыйық мысалы», деп Қарақалпақстан халық шайыры Б.Қайыпназаров бул китапқа пикир билдиреди.

– Әдебиятқа мени өзимниң әжағам Караматдин Төрешов қызықтырды. 1-классқа оқыўға барғанымнан маған қызықлы ертек, гүрриң китаплар әкелип берип, оларды оқыўға үйретти. Әжағам маған Нәбийра, сен қосықларыңды жаза бер, бирақ газетаға жибериўге асықпа. Себеби, газетаға шыққан сениң биринши қосығың, сениң щайырлық жолыңның биринши бети болады. Биринши қәдемиңде адамларда қосығың менен жақсы тәсир қалдырмасан, кейинги қосықларыңды ҳеш ким оқымай қояды. «Әй, онша жақсы жаза алмайды ғой деп, кейиннен жақсы косық жазып шығарғаның менен де фамилияңды көрип оқымай жаўып қояды. Адам биринши шығармасы менен адамларда жақсы тәсир қалдырыўы керек, соның ушын өзиңди әбден жетилистирип шық»,-деп уқтыратугын еди,-деп еске алды кеше қатнасыўшысы, Қарақалпақстан халық шайыры Нәбийра Төрешова.

Кешеде шайырдың өмирлик жолдасы Қаллыхан апа Турымбетова ҳәм баласы Бахыт Төрешовлар да қатнасып шайырды еске алды.

К.Төрешовтың «Умытпа», «Жүрек сыры», «Мәңгиликке сүйдим қыз» деген қосықларына композитор «Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем-өнер ғайраткери» Марқабай Жиемуратов нама жазған.

Кешеде Қарақалпақстан композиторлар ҳәм мелодистлер аўқамының ағзасы, Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнер институты Нөкис филиалының аға оқытыўшысы Нурназар Қаллибеков қатнасып, шайырдың қәлемине тийисли нама қосықларынан атқарды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги