Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Ректор ҳәм жаслар ушырасыўы» ҳәптелиги шеңберинде институт ректоры Б.Отемуратов студент-жаслар менен ушырасып, ашық сәўбетлесиў өткерди.
Ушырасыўда институт ректоры елимизде педагог кадрлар таярлаў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжелери ҳаққында мағлыўматлар берди.
Атап өтилгениндей, бүгингидей глобалласыў шараятында Үшинши Ренессанстың тийкарын жарататуғын әўладлардың тәлим-тәрбиясы мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз алдында турған баслы мәселелердиң бири болып қалмақта.
Онда, әсиресе, мектепке шекемги ҳәм халық билимлендириў тараўларына педагог кадрларды таярлап бериўде орны гиреўли болған Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында билимлендириўдиң сапасын жетилистириў, заманагөй технологиялар, оқытыў усылларын әмелиятқа енгизиў арқалы жоқары потенциаллы кадрлар таярлаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Институт ректоры бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Педагогикалық билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм педагог кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысларын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.
Ушырасыўда ректор Байрамбай Отемуратов институтта оқытыўдың сапасын арттырыў ушын әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында да жасларға мағлыўматлар берди.
Студент-жаслар ректор менен өткерилген ушырасыўда институтта оқыў менен биргеликте материаллық-техникалық базаны жетилистириў, әдебий китаплар ҳәм оқыў әдебиятларын көбейтиў, спорт ҳәм саламатландырыў илажларын өткериў және басқа мәселелер бойынша сораўларына жуўаплар алды ҳәм пикир-усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги