Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақ гуманитар илимлер илим изертлеў институты жәмәәти илимий хызметкерлери республикамызда ғана емес, ал халықаралық, дүнья жүзилик көлемде де илимий дөретиўшилик жумысларын алып бармақта.
Олардың жазған мақалалары, тезислери халықаралық илимий-теориялық, әмелий конференцияларда, илимий журналларда, топламларда жарық көрип атырғанлығы буны тастыйықлайды. Усындай илимий хызметкерлердиң бири Полат Өтениязов болып табылады.
Ол усы илим дәргайындағы Қарақалпақ фольклоры бөлиминиң баслығы, үлкен илимий хызметкери сыпатында жумыс алып бармақта. 2020-жылы “Қарақалпақ халық сыйқырлы ертеклериниң жанрлық өзгешелиги ҳәм поэтикасы” темасындағы диссертация жумысын (илимий басшысы филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Жаримбетов) ылайықлы қорғап, филология илимлери бойынша философия докторы илимий дәрежесине еристи. Оның жазған монографиялары, оқыў қолланбалары, топламлары (илимий редакторлары белгили алым, филология илимлериниң докторы Ж.Хошниязов, профессор Қ,Жаримбетов, филология илимлериниң докторы К.Палымбетов) сырт еллердиң баспаларында бир нешше тиллерге аўдарылып, жарық көрмекте.
Полат Өтениязовтың “Қарақалпақ халық ертеклериниң жанрлық өзгешелиги ҳәм поэтикасы (Сыйқырлы ертеклер мысалында)” атлы монографиясы 2022-жылы қарақалпақ тилинде, «Каракалпакские народные сказки (мотивы, сюжеты, образы)” атлы монографиясы рус тилинде Молдова Республикасы, Кишинев қаласының “Globe Edit” баспасында рус тилинде, сол жылы усы баспада “Қорақалпоқ халқ эртакларининг жанр хусусиятлари ва поэтикаси (сеҳрли эртаклар мисолида)” атлы монографиясы өзбек тилинде жәрияланды.
2022-жылы автордың “Некоторые вопросы, связанные с народными сказками (Халық ертеклерине байланыслы айырым мәселелер)” атамасындағы топламы Молдова Республикасы, Кишинев қаласында рус тилинде, быйылғы жылы “Quelques questions liées aux contes populaires” топламы француз тилинде, “Alcune questioni legate ai racconti popolari” топламы итальян тилинде, “Algunas cuestiones relacionadas con los cuentos populares” мийнети испан тилинде, “Some Issues Related to Folktales” топламы инглис тилинде, “Einige Fragen im Zusammenhang mit Volksmärchen” топламы немец тилинде басып шығарылып, әдебиятшылардың нәзерине усынылды.
Соның менен бирге, П.Өтениязов өз кәсиплеслери менен биргеликте де монографиялар, сабақлықлар, оқыў қолланбалар, топламларды таярлаўға қатнаспақта. Ол филология илимлериниң кандидаты, доцент Ҳүрлиман Утемуратова менен биргеликте бир неше топламларды баспадан шығарыўға еристи.
Атап айтқанда, 2023-жылы олардың биргеликтеги “Актуальные проблемы каракалпакской литературы и фольклора” атамасындағы оқыў қолланбасы Молдова Республикасы, Кишинев қаласының “Globe Edit” баспасында рус тилинде, “Akualle Themen der karakalpakischen Literatur und Folklore” (Қарақалпақ әдебияты ҳәм фольклорының актуаль мәселелери) атамасында оқыўлық қолланбасы Кишинев қаласындағы “Verlag Unser Wissen (Sciencia Scripts)” баспасынан немец тилинде, усы оқыў қолланбасы “Problemas actuais da literatura e do folclore de Karakalpak” деген атамада “Edicoes Nosso Conheciemento” (Sciencia Scripts) баспасында португал тилинде, “Edizioni Sapienza” (Sciencia Scripts) баспасында “Problemi attuali della letteratura e del folklore karakalpak” атамасында итальян тилинде, “Ediciones Nuestro Conocimiento” (Sciencia Scripts) баспаханасында “Problemas actuales de la literatura y el folclore de Karakalpak” атамасында испан тилинде, “Editions notre savoir” (Sciencia Scripts) баспасында “Problemes actuels de la litterature et du folklore karakalpak” атамасында француз тилинде, “Our knowledge publishing” (Sciencia Scripts) баспасында “Actual problems of Karakalpak literature and folklore” атамасында инглиз тилинде жәрияланды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы