Тарийхый дәреклерде келтирилиўинше, эрамыздан алдынғы 138-жылда Қытай императоры У-Ди Чжан Цянды Орта Азия жерлерине жибереди. Елши Чжан Цян хуннларға қарсы гүресиў ушын аўқамлас излеп келген еди. Кейин ала Чжан Цян жүрген жолларда Қытайды Орта ҳәм Қубла Азия менен байланыстыратуғын кәрўан изи пайда болады. Бул жол «Уллы жипек жолы» деп аталып, узынлығы 12 000 км еди. Өз дәўиринде теңсиз әҳмийетке ийе болған бул жолдың дәслепки тармағы Қытайдағы Сиань қаласынан басланып, Шығыс Түркстан, Орта Азия, Иран, Месопатамия арқалы Жер Орта теңизине шекем созылған.

Жипек жолы раўажланып барған сайын патшалар өз-ара елши жибериў, саўға бериў дәстүрин жолға қояды. Саўда-сатық мисли көрилмеген дәрежеде раўажланып, Шығыс пенен Батыс мәдениятының бир-бирине тәсири күшейеди. Мәмлекетлердиң раўажланыўындағы көплеген мәдений уқсаслықлар да сол себепли пайда болды.

Буннан 32 жыл алдын Орайлық Азиядағы бес мәмлекет ғәрезсизликке ерискеннен соң, күшли шериклер табыўына умтыла баслады. ҒМДА мәмлекетлери арасында күннен-күнге раўажланып атырған перспективалы, стратегиялық әҳмийетке ийе болып атырған бирге ислесиў ҳәзирги ўақытта пүткил жер жүзлик, қалаберди, АҚШ ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлериниң итибарына түскен.

Қытай Орайлық Азияның барлық бес мәмлекети менен кең көлемли стратегиялық шериклик орнатқан. «Бир мәкан, бир жол» басламасы да регион унамлы тәрепке өзгериўин тәмийинлемекте.

ШБШ, «Бир мәкан, бир жол» сыяқлы Қытайдың қатнасыўындағы басламалар бурыннан бар болса да, рәсмий Пекин Орайлық Азия менен жаңаша форматтағы шерикликке де айрықша итибар қаратпақта.

Ҳәзирги күнде Чжан Цян еки мың жыл алдын Орайлық Азия бойынша миссиясын баслаған Сиань қаласы биринши мәрте «Орайлық Азия – Қытай» саммитиниң қатнасыўшыларын қабылламақта.

Бул жоқары дәрежедеги ушырасыў көп тәреплеме шерикликти және де беккемлеўге байланыслы әҳмийетли мәселелерге байланыслы улыўмалық қатнасларды белгилеў, усы бағдарда нәтийжели механизм ислеп шығыў имканиятын жаратады.

Ғәрезсизликке ерискеннен соң ҒМДА мәмлекетлери бирден-бир шерикке таяныў сиясатын қайта көрип шығып, дүнья менен байланыста бийтәреплик ҳәм диверсификацияға умтылыўды жақламақта. Көп жыллық дослық тарийхына ийе, жақын қоңсы Қытай ҳәр тәреплеме бул мақсетке сәйкес түседи.

1992-жылдың январь айының басында Қытай бириншилерден болып бес мәмлекет пенен дипломатиялық байланыс орнатқан. Қытай ҳәм Орайлық Орайлық Азия ушын 3300 километрден узын улыўмалық шегараны қорғаў миллий қәўипсизлик ҳәм экономикалық режелестириў ушын оғада әҳмийетли. Ҳәр еки тәреп ушын бирдей зәрүр өзгешелик – өз аймағын терроризм, сепаратизм ҳәм экстремизмниң көп жыллық қәўип-қәтеринен тазалаў мәселеси үлкен әҳмийетке ийе.

Бул тилек Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Аўғанстанға қоңсы мәмлекетлер министрлери мәжилисиниң шөлкемлестирилиўине алып келди. Ағза мәмлекетлер өз тарийхынан келип шығып, сиясий-әскерий үстинлик апатшылық ушын түртки екенлигин түсинип жеткен. Соның ушын, гезектеги келисим теңлик, өз-ара пайда, мәсләҳәтлесиў ҳәм ҳәр түрлиликке ҳүрмет тийкарында қурылды.

Раўажланып атырған мәмлекетлер сыпатында Орайлық Азия – «С5» ҳәм Қытай өз халқының турмысын жақсылаўға умтылады. Мәмлекетлеримиз тек ғана раўажланыў арқалы қәўипсизлик машқаласына турақлы шешим табыў мүмкин екенлигин шын кеўилден мақулласады.

2013-жыл сентябрь айында Қытай баслығы Си Цзиньпин Қазақстанға барып, биринши мәрте Уллы Жипек жолы бойлап экономикалық белбеўди биргеликте дүзиў жақсы пикир болыўы мүмкин екенлигин айтты. Теңиз Жипек жолының қайта тиклениўинен бир ай өткеннен соң, бул баслама «Бир мәкан, бир жол» деп аталды.

Қытай менен усы баслама бойынша бирге ислесиў ҳүжжетине дәслеп Тәжикстан қол қойды. Тез арада басқа төрт мәмлекет де зәрүр қәдемди таслады. Мине, он жылдан берли, усы нәтийжели бирге ислесиў даўам етпекте.

«Бир мәкан, бир жол» жедел ислейди, себеби бул процесс ашық-айдын. Шериклер ҳәр қәдемде басламаны додалайды, келисилген жол картасы тийкарында ҳәрекетленеди. Барлық қатнасыўшыларға ийелик ҳуқықы бериледи. Теңлик ҳәм өз-ара мәпдарлық руўхы ҳүким сүрмекте.

Буннан тысқары бул идея логистиканы муўапықластырыўға да айрықша жәрдем береди. Қытай-Орайлық Азия тәбийғый газ қубыры, Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан автомобиль жолы, Қамчиқ туннели сыяқлы ири инфраструктуралық жойбарлар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде – 2022-жылы улыўма саўда көлеми рекорд дәрежеге шықты – 70 000 миллион доллар. Салыстырылса, 1992-жыл бул көрсетсиш, тек ғана, 460 миллион доллар еди.

Тереңирек талланса, гүллеп-жайнап атырған бирге ислесиў тамыры узақ тарийхқа тақалады. Орайлық Азия Батыс Қытай менен көп тәреплемели байланысқа ийе. «Тенгри Таг» аты менен де танылған Тянь-Шан таўы бойлап инсанлар арасындағы алмасыў 2000 жыл алдын басланған ҳәм бүгинги күнде әдеўир беккем тийкарға ийе.

Мәдений байланысларымыздың бүгинги унамлы жағдайына жақында Қытай социаллық тармағында кеңнен тарқалған түркменстанлы Кристина Григорянның «Жаңа Қытай қосығы» қысқа метражлы ҳүжжетли картинасы мысал бола алады. Улыўма, Орайлық Азия халықлары ҳәм қытайлылар бир-бириниң заманагөй әдебиятынан ҳәмийше заўықланады. Фильм сүўретке алыў, мәдений естеликлерди табыў ҳәм қайта тиклеў жолында бирге излениў алып барады. Ҳәттеки, COVID-19 сыяқлы ҳәр қыйлы трансмиллий машқалаларға қарсы ийинлес турып гүреседи.

Жуўмақлап айтқанда, Қытай елшиси Чжан Цян сапарға шығыў тийкарында өз-ара жәрдемди нәзерде тутқан тең ҳуқықлы шерикликти көз алдына келтирген, соны мақсет еткен. Ҳеш кимде я тонаўшылық, я бойсыныў, я бойсындырыў нийети болмаған. Бул ийгиликли нийет ҳәм ийгиликли тәсир сол дәўирде тийкар салынған Жипек жолы стратегиясын белгиледи.

Бүгин Орайлық Азия ҳәм Қытайды жақын дос, бирге ислесиўши сыпатында бирлестирген қәдирият да мине, усы. Кимдир жаңа дәўирде Орайлық Азияның өз суверен жолын белгилеп алған ҳәр бир ар-намыслы халқы менен қарым-қатнас жасаўды қәлесе, бул бирден-бир ҳәм дурыс қатнасқа садық қалыўы зәрүр.

И ФАНЬ,

халықаралық шолыўшы (Пекин, ҚХР).

ӨзА