Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбияcы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында миссионерликке, ғалабалық мәдениятқа байланыслы идеологиялық қәўиплердиң алдын алыў, жаслар арасында жат иллетлерге қарсы беккем иммунитетти қәлиплестириў мақсетинде диний тараў ўәкиллери менен студент-жаслардың ушырасыўы өткерилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитеттиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы Нөкис қалалық бөлиминиң қәнигеси Х.Незаматов, Нөкис қаласы «Муҳаммед Бахый ийшан» жомъе мешитиниң имам хатиби Ш.Қудайбергенов шығып сөйлеп, идеялар гүресинде барлық усыл ҳәм технологиялар әмел ететуғыны, терроризм, диний экстремизм, миссионерлик, бузғыншылықларды үгит-нәсиятлаўға хызмет етип атырған ғалабалық мәденият сыяқлы жат идеялар ҳәр қыйлы көринислерде, әсиресе, жаслардың санасын зәҳәрлеп атырғанын атап өтти. Бүгингидей қурамалы жағдайда ҳәр бир инсан өзиниң пуқаралық миннетине сүйенген ҳалда, өзлигин умытпаўы, сергек болыўы, исенимин, миллий мақтанышы ҳәм өз Ўатанына садықлығын сақлап қалыўы кереклиги түсиндирилди.



Ушырасыў даўамында қәнигелер тәрепинен «Миссионерлик – жәмийет турақлылығына қәўип», «Миссионерликтиң мақсетлери ҳәм оларға қарсы гүресиўде жәмийетшиликтиң роли» атамаларында үгит-нәсият жумысларын күшейтиў арқалы жасларға ислам дини дөретиўши, уйымластырыўшы ҳәм бағдарлаўшы дин екенлигин, ол бәрқулла жәмийеттиң раўажланыўына, инсан кәмиллигине хызмет ететуғынлығын түсиндириў кереклиги атап өтилди.

– Бундай жат идеялардың тәсирине түсип қалмаў ушын билимимизди және де арттырып, дүньяда жүз берип атырған ўақыялардан дурыс жуўмақ шығарыўымыз керек, -дейди филиал студенти Х.Ырзабаев. – Бизде олардан қорғайтуғын динимиз, әсирлер даўамында қәлиплескен үрп-әдет ҳәм дәстүрлер сыяқлы қорғанларымыз бар. Усы қорғанларымызды қәстерлеп сақлап, кейинги әўладларымыздың санасына сиңдириў биз жасларға исенип тапсырылған ўазыйпа болып табылады.

Илаж даўамында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги