Қытай Халық Республикасының Циань қаласында Қытай Халық Республикасының раўажланыў ҳәм реформалар Мәмлекетлик комитети, Қырғызстан Республикасы транспорт ҳәм коммуникациялар министрлиги, Өзбекстан Республикасы транспорт министрлиги арасында «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан» темир жолы қурылысының жойбары бойынша кейинги басқышларды нәзерде тутыўшы үш тәреплеме ҳүжжетке қол қойылды.

Бул ҳаққында Транспорт министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Атап өтилиўинше, тәреплер «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан» темир жолы қурылысы жойбарының техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығыў ҳәм техникалық-экономикалық тийкарларын үш тәреплеме биргеликтеги баҳалаў жумысларын әмелге асырды. Кейин ала болса экспертиза өткерилиўи режелестирилген. Усы ҳүжжет бул жойбарды әмелге асырыўдың кейинги басқышларын белгилеп, қурылыс жойбарын ислеп шығыў, инвестициялар ҳәм қаржыландырыў моделин үйрениў ҳәм анықлаўды өз ишине алады.

Жойбардың әмелге асырылыўы Шығыс Азиядан жақын Шығыс ҳәм Қубла Европа мәмлекетлерине болған жолды шама менен 900 километрге, жүк жеткерип бериў мүддетлерин болса 7-8 суткаға азайтады. Дәслепки прогнозларға бола, жүк тасыў көлеми жылына 12-15 миллион тоннаны қурайды.

Нигора Раҳмонова, ӨзА