Әдиллик тараўында  «Биз өзимиз келдик» атамасында орынларда көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бойынша жойбардың әмелге асырылып атырғаны халыққа қосымша имканият ҳәм жеңилликлер жаратпақта.

Нөкис қаласы әдиллик бөлими мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен усы атамадағы жойбар шеңберинде пуқаралардың қымбатлы ўақтын, қәрежетин үнемлеў,  сондай ақ, Mobile-ID системасын түсиндириў мақсетинде  Нөкис қаласы аймағынан алыс аймақта жайласқан мәкан пуқаралар жыйынларына, мәкеме ҳәм шөлкемлерге барған ҳалда көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилип келинбекте.

Атап айтқанда, Әмиўдәрья МПЖ Дәрья бойы көшеси 3-жайда жасаўшы Р.Камалова исбилерменлик пенен шуғылланбақшы екенлигин, бирақ орайға келиў имканияты жоқлығын билдирип мүрәжат етти. Сол күнниң өзинде орай хызметкери тәрепинен көшпели тәризде жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилди.  Жаңа базар МПЖ, Темир жолшылар көшеси 30-жай турғыны Т.Мадреимова ПҲАЖ архив мағлыўматларын алыў бойынша мүрәжааты көшпели түрде қабылланды. Сондай ақ, У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайындағы шыпакерлер ҳәм медицина хызметкерлерине жәми 40 тан аслам көшпели хызмет көрсетилип, мобил телефон номери арқалы идентификациялаўшы Mobile-ID системасынан да дизимнен өткерилди.

Соның менен бирге, орайда жайласқан хызмет телефоны арқалы имканияты шекленген пуқаралардың да мүрәжатлары қабылланып, имканият дәрежесинде көшпели мәмлекетлик хызметлер корсетилип келинбекте. Ең әҳмийетлиси, аўыр наўқаслығы себепли мәмлекетлик хызметлер орайына келиў имканияты болмаған ҳәм имканияты шекленген пуқараларды итибардан шетте қалдырмаў, оларға  қолайлықлар жаратыў ҳәм аўырын жеңил етиў мақсетинде өткерилип атырған бундай илажлардан халқымыздың кеўли толмақта, десек асыра айтқан болмаймыз.



Қ.ОСПАНОВА,

Нөкис қаласы әдиллик бөлими мәмлекетлик

хызметлер орайының бөлим баслығы

Қарақалпақстан хабар агентлиги