Мәмлекетимизде әҳмийетли сиясий илаж – усы жылдың 9-июль күни болып өтетуғын мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық процесслери қызғын өтпекте.

Бизге белгили, усы жылдың 15-май күни Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Халық демократиялық партиясы, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы, Өзбекстан Экологиялық партиясы ҳәм Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясына мүддетинен алдын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыўы ушын рәсмий түрде руқсат берилди.

Нызамшылығымызға бола, сайлаўда қатнасыўға руқсат берилген сиясий партия Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанды қоллап-қуўатлап, Өзбекстан Республикасы жәми сайлаўшыларының улыўма санының кеминде бир процентиниң қолтаңбасын жыйнаўы керек. Бул Президент сайлаўы кампаниясындағы әҳмийетли процесслерден бири болып есапланады.

Хош, қолтаңба жыйнаў процесслериниң қандай тәртип-қағыйдалары бар? Қолтаңба жыйнаўды әмелге асырып атырғанда нелерге итибар бериў керек?

Бул бағдарда миллий нызамшылығымызда, атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 38-статьясында қолтаңба жыйнаў процесслериниң тәртиби белгилеп қойылған. Оған бола, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы бойынша сиясий партия өзиниң ўәкилликли ўәкили дизимге алынғанығы гүўалығын алғанынан кейин ғана сайлаўшылардың қолтаңбасын жыйнаўға ҳақылы.

Бул сәнеге шекем жыйналған қолтаңбалар есапқа алынбайды. Сайлаўшылар бир ямаса бир неше сиясий партияны ямаса Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды қоллап-қуўатлап, қол қойыўы мүмкин. Онда сайлаўшы өз фамилиясын, атын, әкесиниң атын, туўылған жылын (жасы он сегизде болса, қосымша түрде туўылған күни ҳәм айын), жасаў орнының мәнзилин, паспорттың ямаса идентификация ID-картасының сериясы ҳәм тәртип санын, сондай-ақ, қол қойылған сәнени көрсетеди. Бул мағлыўматлар қолда жазып киргизиледи. Қолтаңба бети тийисли сиясий партияның районлық, қалалық структурасының басшысы тәрепинен мөри басып тастыйықланады.

Сайлаўшылардың қолтаңбасын жыйнаў жумыс, хызмет, оқыў, жасаў орнында, сайлаўалды илажларында, сондай-ақ, үгит-нәсият алып барыў ҳәм қолтаңба жыйнаў нызам менен қадаған етилмеген басқа да орынларда әмелге асырылыўы мүмкин. Қолтаңба жыйнап атырған шахс тәрепинен сайлаўшыларды мәжбүрлеў ҳәм өзине қаратып алыў қадаған етиледи. Керисинше жағдайда, бундай ҳәрекетлер нызамда белгиленген жуўапкершиликке себеп болатуғынлығын атап өтиў орынлы.

Ҳәзирги ўақытта сайлаўда қатнасыўға руқсат берилген сиясий партиялар республикамыздың барлық аймақларында қолтаңба жыйнаў процесслерин әмелге асырмақта. Онда партиялардың барлық аймақлық бөлимлериниң ўәкиллери, депутатлар, төменги буўынлардың ағзалары, партия белсендилери қатнаспақта.

Қолтаңба жыйнаў тамамланғанынан соң сиясий партияның ўәкилликли ўәкили Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бойынша өз алдына тигилген қолтаңба бетлерин Орайлық сайлаў комиссиясына тапсырады. Сиясий партиялар берген қолтаңба бетлериниң дурыс қәлиплестирилгенлиги Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бес күнлик мүддетте тексериледи. Сайлаўшылар қолтаңбалары зәрүр санының кеминде он бес проценти ҳәм қолтаңба бетлерине қолын қойған сайлаўшылар ҳаққындағы тийисли мағлыўматлар тексерилиўи керек.

Орайлық сайлаў комиссиясының календарь режесине бола, қолтаңба бетлери усы жылдың 3-июнине шекем тапсырылыўы шәрт.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы