Бүгин, 18-май күни Өзбекстан қорғаныў министри, генерал-лейтенант Баҳодир Қурбонов рәсмий сапар менен келген Қазақстан қорғаныў министри, генерал-полковник Руслан Жақсилиқов басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Дәслеп мийманларды ҳүрметли қараўыл қатнасыўында рәсмий күтип алыў илажы болып өтти. Әскерий оркестр тәрепинен еки мәмлекет гимни атқарылды.



Қорғаныў министрлиги Орайлық аппаратында өткерилген еки тәреплеме бирге ислесиў ушырасыўында генерал-лейтенант Баҳодир Қурбонов қазақстанлы кәсиплесин Өзбекстанға шөлкемлестирген сапары менен қутлықлап, ғәрезсизлик жылларында еки мәмлекет арасында өткерилген дослық қатнасықлар өз-ара байланысларды жаңа стратегиялық шериклик басқышына көтерип, аўқамласлық қатнасықларының беккемленип атырғанын атап өтти.



Еки мәмлекет қорғаныў министрлери әскерий тараўда ерисилген жетискенликлер ҳәм келешекте әмелге асырылыўы режелестирилип атырған мәселелер бойынша да бирге ислесиўди даўам еттириўде перспективалы усыныслар менен шықты.

Ушырасыўдан соң Қазақстан Республикасы әскерий делегациясы Өзбекстан қорғаныў министри менен биргеликте «Жеңис парки»не барып, «Мәртлик гимни» естелик комплексине гүлшеңбер қойды. Ол жердеги «Даңқ» музейиниң жумысы менен танысты, деп хабар береди Қорғаныў министрлигиниң Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти.




ӨзА