Мәмлекетимизде мүддетинен алдын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў процесслери избе-из алып барылмақта. Усы әҳмийетли сиясий илаждың миллий ҳәм халықаралық талапларға муўапық өтиўин бақлаў ҳәм баҳалаўда халықаралық бақлаўлар әҳмийетли орын ийелейди.

17-май күни ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының Талапларды баҳалаў миссиясы сайлаўға таярлық процесслери менен танысыў ушын Өзбекстанға келди.

Сапар шеңберинде ЕҚБШ ДИИҲБ Сайлаў департаменти басшысы Меган Фицджеральд ҳәм сайлаўлар бойынша мәсләҳәтшиси Ксения Дашутцина Орайлық сайлаў комиссиясы баслығы Зайниддин Низомхўжаев пенен ушырасты.

Ушырасыўда Миссия ўәкиллерине мүддетинен алдын болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша миллий сайлаў нызамшылығы ҳәм тастыйықланған календарь реже тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Сөйлесиў даўамында ДИИҲБ сайлаўларды бақлаў миссияларының Өзбекстанда өткерилген сайлаўлар нәтийжелери бойынша жуўмақлаўшы жуўмақларында келтирилген усынысларды миллий сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелиятына имплементациялаў, сайлаўларға байланыслы ҳуқықый базаны жетилистириў бағдарында, соның ишинде, Конституциялық реформалар шеңберинде әмелге асырылған жумысларға да айрықша тоқтап өтилди.

ЕҚБШ ДИИҲБ методологиясы бойынша Талапларды баҳалаў миссиясы тәрепинен баҳалаў белгили бир сайлаў алдынан әмелге асырылады ҳәм сайлаўалды жағдайына берилетуғын баҳа сондай-ақ, миллий сайлаў нызамшылығының улыўма тән алынған халықаралық сайлаў стандартларына сәйкеслиги нәтийжелеринен келип шығып, сайлаўды бақлаўдың мақсетке муўапықлығы, бақлаў түри, мүддети ҳәм бақлаўшылардың зәрүр саны ҳаққында қарар қабыл етиледи.

Талапларды баҳалаў миссиясының ўәкиллери елимизде сайлаў тәртип-қағыйдаларының жетилистирилиўи бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды қоллап-қуўатлайтуғынын мәлим етти ҳәм болажақ сайлаўлардың улыўма тән алынған халықаралық демократиялық принциплер тийкарында, жоқары шөлкемлестириўшилик дәрежеде өтетуғынына исеним билдирди.

Сапар шеңберинде Миссия ўәкиллериниң бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар, сиясий партиялар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўлары болып өтеди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы