Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң гезектеги есабатына қарағанда, қумшекердиӊ орнын басыўшы жасалма қосымшалар инсан саламатлығы ҳәм өмирине қәўип туўдырады.

Бул жуўмақ бир неше жыл даўамында өткерилген 283 анализлер нәтийжесине тийкарланған.

25-30 грамм қумшекер күнлик норма есапланады. Буннан артығы семириў ҳәм қәўипли кеселликлердиң раўажланыўына алып келеди. Сол себепли айырымлар қумшекердиӊ орнын басатуғын жасалма қосымшалардан пайдаланыў қәўипсиз,  деп ойлайды.

Қалаберсе, бундай элементлерден тез-тез пайдаланыўшыларға жүрек-қан тамыр кеселликлерине шатылыў итималы 32 процент (сондай-ақ, инсулт — 19, гипертония — 13 процент) жоқары. Өз гезегинде, бул жағдай өлим қәўипиниӊ 10 процент артыўына хызмет етеди.

Сол себепли экспертлер организмниң қумшекерге болған талабын мийўе-палыз өнимлери ҳәм басқа тәбийғый өнимлер арқалы тәмийинлеўди усыныс етпекте.

 

Саёра Шамуратова,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги