Пайтахтымыздағы Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде қарақалпақ музыка мәдениятының раўажланыўына өзиниң әжайып шығармалары менен салмақлы үлес қосқан белгили  композитор «Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери», марҳум Марқабай Жиемуратовтың 80 жыллық юбилейине арналған еслеў кешеcи өткерилди.

Кешеде мектеп директорының орынбасары А.Джаримбетов, Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнер институты Нөкис филиалының аға оқытыўшылары Н.Қәллибеков, М.Юсупбаев, қәнигелер Ш.Дәниярова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, М.Жиемуратовтың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, М.Жиемуратов бийтәкирар талантқа ийе композитор, тынып-тыншымайтуғын дөретиўши инсан сыпатында ғәрезсизлик дәўиримизди, халқымыздың уллылығын, өтмишин ҳәм айдын келешегин жырлайтуғын әжайып шығармалар дөретип халқымыздың сүйикли уллы тулғаларының бирине айланды.

М.Жиемуратов өзиниң дөретиўшилик стилинде музыканың ҳәр қыйлы ири жанрларында форма ҳәм тематизмди раўажландырыўда өзине тән жазыў үлгилерин излеп тапқан. Оның «Ерназар Алакөз» симфониялық поэмасы, «Мәкарья сулыў» балети, «Дуўтарлы солдат» музыкалы драмасына жазған намалары буны айқын дәлийллейди.

– Әсиресе, оның атақлы қосықшы Даўытбай Қайыповтың тәнҳа өзине арнап шығарылған «Умытпа», «Сени сағынаман атқан таңларда», «Алтынкөл», «Сағыныш», «Асығар саған», «Туў сыртымнан қарай-қарай қалған қыз» ҳәм басқа да намаларын халқымыз елеге шекем сүйип тыңлайды ҳәм атқарыўшыларымыз тәрепинен елеге шекем атқарылып келининбекте,-дейди Н.Қәллибеков. – Сондай-ақ, композитордың «Айдынлар» атлы қосығы (сөзи Ә.Тәжимуратовтики) ҳәзир сырт еллерде жумыс ислеп ҳәм жасап атырған жерлеслеримиздиң сағыныш пенен атқаратуғын қосығына, халқымыздың классикалық намасына айланып кетти, десек асыра айтқан болмаймыз.

Кешеде композитор ҳаққында таярланған видеоролик, ол тәрепинен жазылған нама ҳәм қосықлар тийкарында мектеп муғаллимлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.





Азада Қыдырбаева,

ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги