Соңғы жыллары елимизде билимлендириў тараўында жүргизилип атырған кең көлемдеги реформалар нәтийжесинде республикамызда ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Әсиресе, өсип киятырған жас әўладларымызға сырт еллерде билим алыўы ушын имканиятлардың жаратылып берилиўи, олардың ертеңги күнге деген исенимин беккемлеп, билимин еле де жетилистириўине мүмкиншилик бермекте.
Нөкис қаласындағы И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң 11-класс оқыўшысы Гүлқумар Жақсылықова да өзине жаратылған бундай қолайлылықлардан нәтийжели пайдаланып, АҚШтың абырайлы 8 университетине оқыўға қабылланыўға миясар болды.
Атап айтатуғын болсақ, ол АҚШтағы Wilkes University, Stony Brook University, McKendree University , Villa Maria College, New England College, Wingate University, Oakwood University, The university of Arizona жоқары оқыў орынларының улыўма 440 000 АҚШ долларлық грантын жеңип алыўға миясар болды.
-Мен негизи Шымбай районының ең шетки аўылларының бири Қызылөзек елатынанман, -дейди ол.-Ата-анам усы жыйын аймағындағы 17-санлы мектепте муғаллим болып ислейди. Кишкенелигимнен билим ийелеўге умтылыўшылығымды сезген дәслепки устазларым ҳәм ата-анам мени өз үстимде излениўлеримди жақыннан қоллап-қуўатлап, маған шараят жаратып берди. Соның нәтийжесинде, И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебине оқыўға кириўге миясар болды. Бул жерде де маған күшли муғаллимлер сабақ берди. Устазларымнан алған билимлеримниң арқасында бүгингидей нәтийжеге ерисип отырман. Алдағы ўақытлары мен өзиме билдирилген исенимди толық ақлап, АҚШта да жақсы билим алыўға ҳәрекет етемен.
Мағлыўмат ушын айтар болсақ, Гүлқумар Жақсылықоваға басқа да сырт ел мәмлекетлериндеги жоқары оқыў орынларынан оқыў ушын мирәтнамалар келмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы