Ҳәзирги күнде интернет өмиримиздиң бир бөлегине айланып болды. Биз оған үйренип қалғанбыз ҳәм бос ўақытымызды усы интернетсиз көз алдымызға келтире алмаймыз.
Бүгинги күнде кишкене жас балалардың қолында ең соңғы маркадағы телефонды услап жүргенин көриўимизге болады. Бирақ, ол бала телефоннан дурыс пайдаланып атыр ма? Интернетте ҳәр түрли бизге пайдасы тийетуғын сайтлар бар. Тилекке қарсы, кери тәсир етиўши, яғный, жаслардың мийин зәҳәрлеўши сайтлар да бар. Диний экстремизм, терроризм сыяқлы өзине бағындырып алыўшы сайтлардан аўлақ болыў керек.
Интернеттен пайдаланыў қағыйдасы бар. Сол қағыйдаларға әмел етиўимиз лазым. Мысалы, комментарийлерге уятсыз сөзлер жазыў яки миллет айырыўшылық сыяқлы видеолар қойыў, пуқаралардың арасында наразылықлар менен алаўызлықты келтирип шығарады.
Интернет – мағлыўмат излеўде ең жақсы жәрдемши болыўы мүмкин. Бирақ, көп ўақытты интернетте өткеретуғын болсақ, бизде машқалалар болады. Реал дүнья менен байланысты жойытамыз. Соның ушын, интернетте не керек ҳәм не керек емеслигин түсиниўимиз зәрүр.
Бийбисара Жартыбаева,
ҚМУ дың мәлимлеме хизмети хәм жәмийетшилик пенен байланыслар тәлим бағдарының 3-басқыш студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги