Нөкистеги 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 1-санлы шаңарақ поликлиникасы шыпакерлери тәрепинен «Азада қызлар ҳәптелиги» шеңберинде ушырасыў өткерилди.

2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққындағы Президент Пәрманына бола, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң «Дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи» улыўма миллий ҳәрекетин әмелге асырыў ҳаққындағы көрсетпе хатының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 15-19-май күнлери аралығында «Азада қызлар ҳәптелиги» өткерилмекте.

Ҳәптелик шеңберинде өткерилип атырған үгит-нәсият илажларында мектеплерде оқып атырған 16-17 жас аралығындағы қызларға репродуктивлик саламатлық, қызлар гигиенасы, дурыс аўқатланыў, саламат турмыс тәризине әмел етиў ҳаққында шыпакерлер тәрепинен мағлыўматлар берилмекте.

– Ҳәр бир қыз баланың денсаўлығы елимиздиң раўажланыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе,-дейди 1-санлы шаңарақ поликлиникасының шыпакери Г.Артықбаева. – Усыны инабатқа алған ҳалда министрлик тәрепинен ҳәптелик жәрияланып, бир ҳәпте даўамында оқыўшы-қызларымыз бенен ашықтан-ашық сәўбетлесиўлер өткериў, олардың медициналық саўатлылығын арттырыў арқалы ҳәптеликке өз үлесимизди қосыў мақсетиндемиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги