(Сырдәрья ўәлаятында болып ѳткен III Халықаралық бақсышылық кѳркем ѳнери фестивалы тәсирлеринен)

 

“Бақсылар тек ғана халық ѳтмишиниң сазасы болып қалмай,

әйне пайытта бүгинги күнниң де жаңлаған ҳаўазыдур”.

Ш.Мирзиёев.

 

Тарийхы узақ әсирлерге барып тақалатуғын миллий кѳркем ѳнеримиз болған бақсышылық ҳәм жыраўшылық бүгин дүнья халықларына кеңнен танылып, даңқы дәстанға айланбақта. Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен 2019-жылдан берли ѳткерилип киятырған бақсышылық кѳркем ѳнери фестивалы бул бағдарда әҳмийетли орын тутпақта. Дәслеп, Термизде, 2021-жылы Нѳкис қаласында ѳткерилген фестивальдың тәрийпи еле аўызлардан түсип  үлгермей, усы жыл 6―8-май күнлери Сырдәрьяда III халықаралық  бақсышылық кѳркем ѳнери фестивалы болады, деген хабар узақ-жақынға тарады. Бул хош хабарды кѳркем ѳнер ҳәм мәдениятты жанындай сүйетуғын, дѳретиўшилик халқын жоқары қәдирлейтуғын қарақалпақ ели үлкен қуўаныш пенен қарсы алды.


«Тойдың болғанынан боладысы қызық», дегениндей 27-апрель күни фестивальға таярлық кѳриў, үлкен әнжуманда Қарақалпақстан Республикасы ушын ажыратылған аймақты безеў сыяқлы шѳлкемлестириўшилик жумысларға таярлық кѳриў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының балет артистлери, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагѳйлер театрының бас режиссёры Ѳ.Бектурғанов ҳәм бас художниги Т.Шардеметовлар менен бирге  Ѳзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бѳлиминиң дѳретиўшилик жәмәәти, Нѳкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң бақсы қызлары Нѳкистен Сырдәрьяға жол алды. Мәденият министри Қ.Турдиев ҳәм жасы үлкен тараў ғайраткерлери пәтиясын берип, ҳақ жол тиледи. Cоңынан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев, Мәденият министрлигинен А.Бекпанов, филармония директоры Б.Есемуратов ҳәм қолы гүл ѳнерментлер менен аспазлар да Гүлистанға жѳнеп кетти. Бул ўақытта Сырдәрьяда үлкен байрам, шадықуррамлық басланып кеткен еди…

***

Тәбияты гѳззал, тарийхта «Танаис», «Яксарт» аты менен аталып, ал, қытай жылнамаларында «Суйши» ҳәм «Туншу» атамалары менен тилге алынып, ѳзиниң бай фольклорлық мийрасы ҳәм дәстүрлерине ийе Сырдәрьядан  Мурат бақсы, Ҳамрақул бақсы, Гүлмурат бақсы, Акрам бүлбил, Саидаҳмад ҳәм Саидмурад бақсы сыяқлы кѳплеген дѳретиўшилер менен Халима Худайбердиева, Тўра Сулаймандай кѳплеген жазыўшы-шайырлар, алымлар жетилисип шыққан. «Дәўлетлиниң қос қонағы бир келер» дегениндей, сырдәрьялылар III халықаралық фестивалын өткерип атырған бир пайытта, Сырдәрья ўәлаяты шѳлкемлестирилгениниң 60 жыллығы қос той болды. Қуўанышлысы, бул тойды дүньяның 30 дан аслам мәмлекетинен келген сырт елли мийманлар, қазақ ҳәм қырғыз баўырларымыз да қоса тойлады.

Сырдәрья ўәлаятындағы музыкалы драма театры алдындағы үлкен майдан ҳақыйқый байрам түсине енген. Театрдан тап  Гүлистан дем алыў бағына шекемги аралықта республикамыздың барлық ўәлаятларынан келген жәмәәтлер отаў тигип, әтирапын миллий ҳәм заманагѳй усылда безеп, миллий ѳнерментшилик кѳргизбесин шѳлкемлестирген. Фестиваль ушын ажыратылған аймаққа кириўиңиз бенен Қарақалпақстан Республикасының аймағы айрықша кѳзге тасланады. Қара үйлер әтирапына әткѳншек, оның әтирапы миллий саз- әсбапларымыз болған қобыз, шыңқобыз  бенен дуўтардың макетлери кѳрген кѳзди ѳзине тартады. Сондай-ақ, аймақ әтирапына миллий безениў буйымлары болған ҳәйкел, билезик, сәўкеле формасындағы аркалар да орнатылып аймаққа ѳзгеше сән бағышлап тур. Усындай қарақалпақ миллий аймағы фестивальдың гастрономиялық кѳшесинде де шѳлкемлестирилди. Буларды кѳрип бизиң қолы гүл художниклеримиз Толыбек Шардеметов, Шарапат Даўылбаев, Мансур Жолдасов пенен Жақсыбай Кенжебаев, Илҳам Юсуповлардың мийнетлерине, дѳретиўшилик искерлигине тәсийин қаласаң.

Аймақта ҳәр күни қосық-саз жаңлап, ҳәр ўәлаят ѳзиниң ѳнерин кѳрсетеди. Дерлик бир ҳәпте даўамында Гүлистанда  филармониямыздың «Муҳаллес» дуўтаршылар ансамблинен Қарақалпақстан халық бақсысы Зияда Шерипова, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген кѳркем ѳнер ғайраткери Инжигүл Сабурова, талантлы бақсыларымыздан: Замира Ибрагимова, Гүлсара Жолдасбаева менен Ерисбай Асқаров, Бердақ Мирманов, Оңғар Жоллыбаевлар «Қарақалпақта»дан баслап миллий қосықларымызды кәмине келтирип атқарып, фестиваль қатнасыўшылары менен мийманлардың қулағының шаңын қақты. Ал,  филармониямыз сазенделеринен Арысланбай Нажимов, Муратбай Тыныбаев, Рахат Тилеўмуратов,  Хамра Ҳайтбаев, Анвар Аллаяров, Қуўанышбай Утеўлиевлар менен Қарақалпақстан Республикасына хызмет кѳрсеткен артист Саламат Қәллибеков, белгили қосықшыларымыздан Елиўбай Қайыпов, Дилбар Дошбаева, Урхия Алланиязова, Арысланбек Асқаровлар жанлы қосық-сазларды жаңлатып, жыйналғанларды ойынға түсиреди. Оларға Светлана Исмайлова менен Улмекен Турғанбаевалар қарақалпақша жилўалы ойынлары менен шерик болады.



Ѳнермент апамыз Бийбисара Қунназарованың  гилем тоқығанын, түйме түйгенин кѳргенлер оннан түйме түйиўдиң әдисин үйренгиси келеди. Тѳрткүлли ѳнерментлеримиз Меҳрийбан Ѳтепова менен Фарида Юлдашеваның қол ѳнери үлгилерин, Қадамбай Искандаровтың миллий саз- әсбаплары менен әмиўдәрьялы ѳнермент Фатима Давлатованың қолдан исленген ойыншықлары бәршениң дыққатын тартып, қызығыўшылық оятады.

-Фестиваль себеп басқа ўәлаятлардағы кәсиплеслеримиз бенен тәжирийбе алмасып, досласып атырмыз. Бизиң түйме түйиўимизди үйрениўге  қызығыўшылық  жоқары. Ѳзимизде түйме түйиўдиң бул оригинал ҳәм жалғыз усылы,―дейди ѳнермент апамыз Бийбисара.

Фестивальдың «Гастрономиялық туризм» жойбары шеңбериндеги гастрономиялық кѳшеге кириўиңиз бенен барлық ўәлаятлардың татлы тағамлары, палыз ѳнимлери менен бир-биринен әжайып өнимлердиң ийиси иштейиңизди ашады. Самарқандтың нанлары, Ташкент ҳәм Әндижан  палаўы, Жиззақ сомсасы, Сурхандәрьяның тандыр кәбабы, Хорезмниң бѳреги…. Эҳ,эй тап неше мың түрли миллий тағамлардың барлығы усы жерде. Әсиресе, бизиң аспазларымыз Неъмат Бекчанов пенен Шакир Камаловлардың таярлаған жүўери гүртиги, гѳжеси, қарақалпақша палаўы менен гүртигимиздиң тәрийпи ѳз алдына. Үш күн даўамында гастрономиялық аймақта усындай татлы тағамларымыздан татып, бақсы-жыраўларымыздың йошлы қосықларынан тыңлаған сырт елли мийманлар менен фестиваль қатнасыўшылары, сырдәрьялылар да бизиң тағамларымыздан дәм татыўға қуштар. Әсиресе, сырт елли мийманларымызға филармониямыздың қызлары Улмекен менен Светлана тағам тартып, «табақ алыў» дәстүримизди кѳрсетип, бәршени таңландырды. Куўанышлысы, фестиваль жуўмағында  аспазларымыз «Қарақалпақстан Республикасы ең зор тағамлар таярлағаны ушын» номинациясы менен сыйлықланды.

* * *

Фестивальдың тарийхын ҳәм тәрийпин тарийхта қалдырайық деген нийетте жүрген журналист кәсиплеслер Сырдәрья ўәлаяты музыкалы драма театрында шѳлкемлестирилген баспасѳз орайына жәм болды. Бул жерде Ѳзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нѳкис филиалы мәлимлеме хызметиниң қәнигеси, мобилограф Дильфуза Жумағалиева екеўимиз сырдәрьялы кәсиплеслеримиз, ўәлаяттың Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы баслығы Азиз Эсанов ҳәм «Янги Сирдарё» газетасының арнаўлы хабаршысы Хуршида Нишонова менен таныстық. Соңынан «Янги Сирдарё» ҳәм «Новая Сирдарья» газеталары редакциясына барып, ол жердеги басқа да кәсиплеслеримиз бенен кѳрисип, сәўбетлестик. Газетаның бас редакторы, М.Исмоилов пенен бүгинги баспасѳзимиздиң жағдайы туўралы әңгимелестик. Ѳзбекстанға хызмет кѳрсеткен журналист Холида Пардабоева, журналист Баҳрам Баймурадов ҳәм басқалар менен ѳз-ара тәжирийбе алмасып, алдағы ўақытлары «Қарақалпақстан мәденияты» ҳәм «Жаңа Сырдәрья» газеталары редакциясының бирге ислесиўи бойынша пикир- усынысларымыз бенен ортақластық.

Сондай-ақ, фестиваль даўамында  журналист ағамыз  Ахмадали Шерназаров, Олжабай Қаршиевлар менен де пикирлестик.

-Қарақалпақстанға ҳүрметим бәлент. Ол жердеги кәсиплеслеримди, туўысқанларымды сағынаман,-дейди Олжабай аға. -Биз бир дуўтардың тарындай туўысқанбыз.

* * *

Сырдәрья. 6-май. Ерте таңнан сырт елли фестиваль қатнасыўшылары менен ҒХҚ хызметкерлери Гүлистанға жетип келди. Дәслеп, III халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы шеңберинде Гүлистан қаласындағы Жаслар орайында «Заманагөй бақсышылық көркем өнери: алтын мийрастың жаңа сазалары» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти. Усы конференцияға пайтахтымыздағы 12-санлы балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнер мектебиниң муғаллими Сапаргүл Баширова ҳәм  Нөкис қалалық 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң муғаллими, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Жолдасбай Турдымуратовлар қатнасты. Илажда Ж.Турдымуратов «Әмет бақсы – қарақалпақ дәстаншылық көркем өнериниң тулғасы» атлы баянаты менен табыслы қатнасып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен «Сертификат» пенен сыйлықланды.

Усы күни кеште Гүлистандағы ашық театрда фестивальдың рәсмий ашылыў мәресими болып ѳтти. Фестиваль қатнасыўшылары амфитеатр алдында салтанатлы күтип алынды. Ашылыў мәресимине бағышланған концерт бағдарламасы «Басланыў» атлы театрластырылған музыкалы композиция менен басланып, онда академиялық театрымыздың балет артистлери ѳз ѳнерлерин кѳрсетти. Дуўтар ҳаўазы, шыңқобыз намасы, тарийхый кѳринислер, миллий ҳәм заманагѳйлик үйлескен театрластырылған музыкалы композициялар тамашагѳйлерди әсирлерге  қарай саяхатқа баслады. Ал, Қарақалпақстанға хызмет кѳрсеткен артистлер Зийўар Жақсыбаева, Лида Сейтмуратова менен филармониямыздың қызлары Алима Ерманова, Дилшода Қыдырбаевалардың  миллий кийимлер дефельесинде қатнасып, қарақалпақ миллий кийимлеринде шығыўы айрықша болды. Әсиресе, «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Саламат Аяпов, бақсыларымыз Рашид Уснатов пенен Миясар Жуматова ҳәм  Нѳкис қәнигелестирилген мәденият мектеби оқыўшыларының атқарыўындағы «Қырқ қыз» дәстанынан үзинди, оның мазмунын ашып бериўде Қарақалпақстанға хызмет кѳрсеткен артист Султан Дүйсенбаев ҳәм Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген кѳркем ѳнер ғайраткери Айжамал Тѳлегеновалардың басшылығындағы академиялық театрымыздың балет артистлериниң театрластырылған-хореографиялық шығыўлары бәршени таң қалдырды.

Фестивальдың екинши күни Сырдәрья ўәлаяты музыкалы драма театрында III халықаралық бақсышылық кѳркем ѳнери фестивалының халықаралық таңлаўы басланды. Таңлаўға дүньяның 30 дан аслам мәмлекетинен 54 қатнасыўшы, 10 қатнасыўшы Ѳзбекстаннан  қатнасып, соның үшеўи Қарақалпақстаннан.  Олар Өзбекстан халық бақсысы, сазенде Ғайратдин Өтемуратов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Кѳркем ѳнер» кафедрасының баслығы, «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты, жыраў Саламат Аяпов ҳәм «Жаңа Өзбекстан жулдызлары» миллий сыйлығының ийеси, бақсы қыз Улдәўлет Сәрсенбаевалар. «Бирдиң абырайы, мыңның абырайы» дегендей, бәршемиз оларға тилеклес болып отырдық. Таңлаўды Ғайратдин аға Ѳтемуратов баслап берди. «Ала мойнақ» ты қолға алып, қарақалпақ халық сазы «Қара дәли» оннан соң ѳзи дѳреткен «Кеўил наласы»н шертип, еки тар, бир тийек, он еки пердеден тараған жағымлы саз толқынында тѳрешилер де жүзди. Ҳәр елден келген қатнасыўшылар ѳз ѳнерлерин кѳрсетип атырған бир пайытта, он тѳртинши болып бақсы қызымыз Улдәўлет Сәрсенбаева сахнаға шығып: «Ал қысса, Қоңырат ҳәкими Дәўлетиярбекке бир яман истиң болганлығын айтты. Дәўлетиярбек не болса шул болсын деп, атына минип елине қайтты. Дәўлетиярдың ҳаялы, қарындасы, пүткил халқы жолына қарап тур еди. Анасы баласының кѳзиндеги қайғыны кѳрип: балам, сен бул жерде жүрме. Түркмен елинде атаңның досты Ийталмас улы Маматжан сардарға барып басыңды панала деп бир сѳз деди»,— деп «Дәўлетиярбек» дәстанынан үзинди атқарды.

Гүлистанда май ақшамы. Бәҳәрдиң пайызлы кешинде халық сейилде жүр. Ал, ѳз елиниң, ѳз миллетиниң миллийлигин, дәстүрин кѳрсетемен деп келген бақсы-жыраўлар  еле бәйгиде. Кешки мәҳәл бирден ҳаўа ѳзгерип, аспанды булт қаплап, жаўын қуйды. Ҳәмме ҳайран, ҳәмме лал. Оҳо, дедим  куйып атырған жаўынға қолымды тутып. Бүгин Сырдәрьяда Саламат жыраў Аяпов «Едиге» ни  жырлайды…

* * *

Гүлистан. 8-май. Бүгин жақсы жаңалықларды еситип, үлкен табысларға бѳленетуғын күн… Ҳәмме асыға күткен фестивальдың жуўмақлаў  салтанаты менен халықаралық таңлаўдың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими де басланды. Дәслеп түрли номинациялар бойынша жеңимпазлар сыйлықланды. Соңынан халықаралық таңлаўдың үшинши орын ийелери кореялы Шин Жа Сун, Монголиядан Эрдан Ват Ясун, ѳзбекстанлы Дилмурат Гүлмуратов пенен Серик Жақсықуловларға арнаўлы саўғалар, 1250 АҚШ доллары муғдарында ақшалай сыйлық тапсырылды. Соңынан екинши орын ийелери де жәрияланып, Болгариядан Ярослав  Дмитров Христов, Ҳиндстаннан Сарвар Сабри Камал, грузиялы Нугзар Кавтарадзе ҳәм ѳзбекстанлы Расулбек Абдирахмановлар усы орынға мүнәсип табылып, оларда арнаўлы сыйлықлар, 1 750 АҚШ доллары менен сыйлықланды.  Арадан кѳп узамай биринши орын ийелери кырғызстанлы Рисбай Исаков, россиялы Сандан Арес, түркменстанлы Сариек Гарягдиларға да жеңимпазлық сыйлықлары тапсырылды. Кѳп узамай, қобызының ғыйқылдысы менен сырдәрьялылардың ғана емес, сырт елли мийманларды да таңландырған жыраўымыз Саламат Аяпов биринши орынды ийеледи дегенди еситкенде биз бенен бирге барлық тамашагѳйлер хошаметлеп, қуўанышымызға шерик болды. Хош хабарды елге жеткерейик деп жеңимпазымыз сахнадан шығып киятырғаннан баслап, оның қуўанышлы мәўритлерин Дильфуза сиңлимиз сүўретке алды. Қуўанғанымыздан албырап, тилеклеримиз кѳп болса да «Сырдәрья ўәлаятында жоқары дәрежеде өткерилген  III халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалының халықаралық таңлаўында «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының ийеси Саламат Аяпов биринши орынды алды. ҚУТЛЫҚЛАЙМЫЗ!» деп министрлигимиздиң телеграм каналына жәрияладық.  Фестивальдың статуэткасы, 2мың 500 АҚШ доллары, Сырдәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң естелик саўғалары менен сыйлықланған жеңимпазымыздың жеңисинен қуўанып турғанымызда, Қарақалпақстан Республикасына хызмет кѳрсеткен артист «Сәўдигим» ди баслап, оған  филармониямыздың гѳззал қызлары жилўа менен ойынға түсип келди. Қуўанғанымыздан бәршемиз ойынға түстик,  басқалар да қуўанышымызды бѳлисти. Усындай шадлы мәўритлерде Халықаралық таңлаўдың бас сыйлығы-Гран Приди сурхандәрьялы бақсымыз Илҳом Норовтың жеңип алыўы қуўаныш үстине қуўаныш болды.

Дерлик бир ҳәпте даўамында Сырдәрьяда  ҳақыйқый байрам нәпеси ҳүким сүрди. Халқымыздың кеўил кейпияты кѳтерилип, сейиллерге шығып, әжайып кѳркем ѳнер дѳретпеси үлгилери, халқымыздың бай фольклорлық мийрасы менен кеңнен танысты. Бир сѳз бенен айтқанда кѳркем ѳнер, гѳззалық байрамына айланған фестиваль ѳз алдына қойған мақсетине еристи. Сырдәрьяда ѳтмиш сазасы, келешегимиз ҳаўазы жаңлады…

 

Гүлмира ПАЛЎАНОВА,

кѳркем ѳнертаныў журналисти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги