Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасының мағлыўматларына бола,   2023- жылдың 1- апрель жағдайына бола, Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми турақлы халықтың  саны 1981,7 мың адамды қурады.  Бул көрсеткиш 2022- жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,3 процентке көбейген.

Соннан,  ҳаял – қызлар саны – 986,5 мың, ер адамлар саны – 995,2 мыңды қурады. Ал, 969,2 мың халык болса қалалық жерлерде, 1012,5 мың адам аўыллық орынларда жасайды.

 

Фарида Муслатдинова,

КМУ дың интернет журналистикасы

 тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қаракалпақстан хабар агентлиги