Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң VII пленумы болып өтти.
Онда Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының ағзалары, жуўаплы хызметкерлери, Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң басшылары, партия топарының ағзалары, партияның белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Пленумның күн тәртибинде Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы шөлкеми ҳәм партия топарларының сайлаўдағы мүнәсип қатнасы ҳаққындағы және Өзбекстан Халық демократиялық партиясының XIII қурылтайына Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеминен делегатларды сайлаў мәселеси көрип шығылды.
Пленумда сиясий партиялар ушын жаратып берилген кең ҳуқықлары менен имканиятлардан толық пайдаланып, партияның бағдарламалық мақсет ҳәм идеялары, оның электоратының мәплеринен келип шыққан ҳалда Өзбекстан Республикасының Президентлигине болып өтетуғын сайлаўда Өзбекстан Халық демократиялық партиясының мүнәсип қатнасын тәмийинлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылды.
Пленум қатнасыўшылары тәрепинен партияның сайлаў алды кампаниясын нәтийжели өткериўди тәмийинлеў бойынша бир қатар шөлкемлестириў ҳәм идеологиялық бағдарда усыныслар билдирилди. Атап айтқанда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша сөзге шыққанлар партияның Өзбекстан Республикасының Президенти сайлаўында қатнасын қоллап-қуўатлаўшы сайлаўшылардың қолтаңбаларын жыйнаўды нәтийжели шөлкемлестириўде барлық буўындағы партия Кеңеслери, басланғыш партия шөлкемлери ҳәм жергиликли Кеңеслердеги партия топарларының алдында турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти. Сондай-ақ, барлық сайлаў участкаларын партиядан көрсетилетуғын талабанның сайлаўалды бағдарламасы ҳәм нызамда нәзерде тутылған басқа әдебиятлар менен тәмийинлеўге байланыслы бир қатар усыныслар билдирилди.
Сөзге шыққанлар тәрепинен сайлаў алды үгит-нәсияты дәўиринде партия шөлкемлери ҳәм белсендилериниң нәтийжели жумыс алып барыўы, нызам менен белгиленген ўәкилликлерди толық иске қосқан ҳалда, биринши гезекте елимизде бул әҳмийетли сиясий процесслерден халықтың хабардарлығын арттырыўға қаратылған үгит-нәсият илажларының сапасы ҳәм нәтийжелилиги мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Билдирилген усынысларды есапқа алған ҳалда, додаланған барлық мәселелер бойынша Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң пленумы тийисли қарарлар қабыл етти.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақтан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М. ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери