Қаўынның қурамындағы витаминлер, минераллар ҳәм басқа пайдалы элементлер рак ҳәм инсулт сыяқлы кеселликлердиң алдын алыў қәсийетине ийе.  қаўын S витаминине бай палыз өними. 100 грамм қаўынның қурамында S витамининиң 20-30 проценти  бар. Бул витамин тери ҳәм пүткил дене жағдайын бир бапта услап турып, жарақатлардың тез питип кетиўинде әҳмийетли. Қаўын қурамындағы А витамини де сүйеклер, тислер ҳәм териниң саламатлығына жүдә зәрүрли элемент болып, сондай-ақ, көздиң перделерин сыртқы тәсирлерден қорғайды. Көздиң көриў қәбилетин арттырады. Витамин А иммун системасын беккемлейди. Буннан тысқары, қаўынның қурамындағы витамин ҳәм минераллар шаштың жақсы өсиўине тәсир етип, төгилиўиниң алдын алады.

Ғарбыздың пайдалы тәреплери. Көпшилигимиз жақсы көрип жейтуғын ғарбыздың биз билген ҳәм билмеген пайдалы қәсийетлери көп. Сонлықтанда , ғарбыз ҳаққында сиз ушын қызықлы ҳәм пайдалы болған әжайып мағлыўматларды келтирип өтемиз.

Ғарбыз спортшыларға жүдә пайдалы өним. Онда  L-sitrullin – аминокислотасы көп болып, бул буўынлар арасындағы аўырыўды тоқтатады. Егер шынығыўдан кейин ашыў ҳәм аўырыў сезилиўин қәлемесеңиз, онда шынығыўдан алдын жаңа ғарбыздың 1/3 бөлегинен таярланған шербетти ишиў усыныс етиледи. Ғарбыздың сырты ҳәм туқымын жеў,әлбетте, бул сөз сизге ерси болып түйилиўи мүмкин. Бирақ биз ғарбыздың сыртын таслап жибермеўимиз керек. Бириншиден, олар жүдә мазалы. Сыртқы қабығын алып бир неше бөлекке бөлиң ҳәм лимон, қыяр ҳәм муз бөлеклери менен блендрге салың. Буннан тысқары қумшекер ҳәм көк шөп де салсаңыз болады. Нәтийжеде S, V1, V2, каротин, фолий ҳәм пантотен кислоталарына бай болған әжайып шербет таяр болады.

Ғарбыз суўға бай мийўе .Ғарбыздың 91 процент бөлеги суўдан ибарат. Буннан тысқары ол аз калориялы палыз өними болып есапланады. 100 грамм ғарбызда 38 калория бар. Ғарбыз көз ҳәм мийдиң жақсы ислеўине жүдә пайдалы . 2 тилик  ғарбызды жеў сизиң көриў ҳәм пикирлеў қәбилетиңиз ушын жүдә пайдалы. Қәнигелердиң айтыўы бойынша, ғарбыздағы А ҳәм V6 витаминлери бириншиден көзди түрли инфекциялардан қорғап, тынық көриниўин тәмийинлесе, екиншиден еслеў қәбилетин беккемлеп, пикирлеў тезлигин арттырады.


Хамре Қдырбаева,

ҚМУдың Интернет журналистикасы

                                                                 Тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги