Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилис күн тәртибинен бир қатар нызам жойбарлары ҳәм басқа да мәселелер орын алды.
Мәжилисти кирис сөз бенен ашқан Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов 15-май күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў илажларын додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилиси, онда алға қойылған мақсет-ўазыйпалар ҳәм тапсырмаларға тоқтап өтти.
– Күни кеше мәмлекетимиз басшысының басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў илажларын додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул бағдардағы ҳәрекетлер атап өтилип, бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди. Атап өтилгениндей, халықтың белгили қатламы арасында кәмбағаллықтың бар екени тән алынып, оны қысқартыў бойынша өз алдына система енгизилди, барлық районлар шараятына бола 5 категорияға ажыратылып, дифференциалласқан жеңилликлер берилди. Булардың нәтийжесинде өткен жылы 1 миллион, усы жылдың биринши шерегинде 210 мың халық кәмбағаллықтан шығарылды.
Мәжилисте ҳәр жылы шаңарақлық исбилерменликке 13 триллион сум кредит ҳәм 1 триллион 500 миллиард сум субсидиялар ажыратылып атырғаны, «Социаллық қорғаў реестри» арқалы 2 миллион 300 мың мүтәж шаңарақ, ҳаял-қызлар, жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған ўатанласларымыз материаллық жәрдем менен қамтып алынғаны айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, исбилерменге шараят жаратыў мақсетинде 1-июньнан баслап «20 мың исбилермен – 500 мың маман қәниге» бағдарламасының әмелге асырылатуғыны мәлим етилди.
Бағдарламаға 2023-2024-жылы жәми 1 миллиард доллар ажыратылатуғын болды. Бул қаржылар есабынан исбилерменге кәмбағал шаңарақлар ағзасын кәсипке оқытып, жумыслы етиўине қарап, әмелдегиден төмен процентлерде ҳәм узақ мүддетке кредит бериледи. «20 мың исбилермен – 500 мың маман қәниге» бағдарламасында қатнасатуғын исбилерменлерге салықлардан өз алдына жеңилликлер бериледи.
Халықтың бәнтлиги мәселеси төменги палатамыздың да бәрқулла итибарында екенин атап өтиў керек. Депутатларымыз орынлардағы ушырасыўларда бул бағдарда белгилеп берилген ҳәр бир ўазыйпа ҳәм тапсырмаларды жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының басшыларына жеткериўде ҳәм жәмийетлик қадағалаўды жолға қойыўда белсендилик көрсетиўи талап етиледи. Бул бағдарда тәсиршең парламентлик қадағалаўды әмелге асырыўы мақсетке муўапық болады. Бул бағдардағы жумыслар барлық фракция ҳәм комитетлердиң итибарында болыўы керек, – деди Спикер.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы