Баку қаласында Әзербайжан улыўма миллий жетекшиси Ҳайдар Алиевтиң 100 жыллық юбилейине бағышланған Әзербайжан Республикасы парламенти – Миллий межлисиниң арнаўлы мәжилиси өткерилди.

Онда 26 мәмлекеттиң парламенти басшылары ҳәм ағзалары, халықаралық парламент шөлкеминиң ўәкиллери қатнасты. Илажда Өзбекстан Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы делегация да қатнасты.

Делегациялар Фахр бағында Әзербайжан халқының улыўма миллий жетекшиси Ҳайдар Алиевтиң қәбирине гүл қойып, оның естелигине ҳүрмет көрсетти.

Илаж даўамында Ҳайдар Алиевтиң шахсы ҳәм мийрасына бағышланған фотокөргизбе менен танысылды.

Арнаўлы мәжилисте  шығып сөйлегенлер Ҳайдар Алиев ХХ әсирдиң белгили мәмлекетлик ғайраткери, ғәрезсиз Әзербайжанның тийкарын салыўшысы сыпатында тарийхтан орын алғаны, оның көп қырлы жумысы мәмлекеттиң халықаралық көлемдеги абырайын арттырыўға хызмет еткенине тоқтап өтилди.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева өзиниң сөзинде Әзербайжанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўы, миллет татыўлығының қәлиплесиўи ҳәм миллий сананың пүткиллей өзгериўи Ҳайдар Алиевтиң аты менен байланыслы екени, бул инсан басшылық еткен дәўирде Әзербайжан раўажланған ғәрезсиз мәмлекет сыпатында халықаралық майданда итибарға ерискенин атап өтти.

– Өзбекстанда Ҳайдар Алиевтиң естелиги жоқары дәрежеде қәдирленеди,-деди Т.Норбоева. – Өзбек халқы бул тарийхый шахс, ири сиясатшының Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы туўысқанлық байланысларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қосқан үлесин бәрқулла есте сақлайды. Оның естелиги елимизде мәңгилестирилген. Бүгин Ташкенттиң орайлық көшелеринен бирине Ҳайдар Алиев атының берилген, оның жарқын естелигине естелик барельефи орнатылған. Бул өзбек халқының әзербайжан халқы миллий жетекшисине болған жоқары ҳүрметиниң белгиси болып есапланады.

Н.Абдураимова, ӨзА