Көпшиликтиң хабары болғанындай, Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарары тийкарында,  елимиз мектеплеринде «Дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы» лаўазымы шөлкемлестирилип, оған мәмлекетимиздиң белгили шайыр ҳәм жазыўшылары, журналистлери, соның менен бирге, дөретиўшиликке қәбилети бар муғаллимлер жумысқа қамтылған еди.

Үгит-нәсиятшылар тәрепинен шөлкемлестирилген дөретиўшилик дөгереклери ағзалары республикамыз көлеминде өткерилип киятырған ҳәр қыйлы таңлаўларда жеңимпазлықты қолға киргизип, өзлериниң инта ҳәм зийреклигин кең жәмийетшиликке танытып келмекте.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы басламасы менен  Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Өзбекстан Жазыўшылар ҳәм Журналистлери аўқамларының шөлкемлестириўи менен жумысы жақсы жолға қойылған улыўма орта билим бериў мектеплериниң ис-тәжирийбелерин кеңнен ен жайдырыў ҳәм олардың мийнетлерин мүнәсип хошаметлеў мақсетинде,  «Дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы» республикалық таңлаў өткерилип келинбекте.

15-16-май күнлери Ташкент қаласында усы таңлаўдың Өзбекстан Республикасы басқышы болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы атынан  Хожели ҳәм Нөкис районларының Дөретиўшилик-мәдений мәселелери бойынша үгит-нәсиятшылары қатнасты.

Қуўанышлы тәрепи сонда, таңлаў жуўмағында  Нөкис районындағы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң үгит-нәсиятшысы Улбоған Юсупова 2-орынды  ийелеўге миясар болды.

Соның менен бир қатарда, таңлаўда айрықша белсендилик көрсеткенлиги ушын Хожели районындағы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң  үгит-нәсиятшысы Мийўагул Баймурзаева арнаўлы номинация менен сыйлықланды.

Өз гезегинде үгит-нәсиятшыларымызды бүгинги жетискенлиги менен қызғын қутлықлап, олардың машақатлы жумысларында тасқын-табыслар тилеймиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы