Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Жаңа Конституция – мәмлекеттиң экономикалық ҳәм социаллық тараўларының раўажланыўына хызмет етеди» атамасында ушырасыў болып өтти.
Онда университеттиң профессор-оқытыўшылары, жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарлары, тьюторлар, жаслар жетекшилери, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Ушырасыўда сөзге шыққанлар кейинги жыллары елимиз басшысы тәрепинен барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар, атап айтқанда, исбилерменлик жумысын заманагөй базар қатнасықлары талапларынан келип шығып және еркинлестириў бойынша исленип атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берди.
Атап өтилгениндей, исбилерменлердиң жумыслары үстинен түрли тексериўлерге мораторий енгизилип, лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртиплери менен нормалары түп-тийкарынан әпиўайыластырылды. Мәмлекеттиң қатнасыўындағы кәрханалар меншиклестирилип, бәсекини қоллап-қуўатлаў арқалы мәмлекеттиң экономикаға араласыўы шекленди.
Ушырасыўда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасының профессоры М.Жуманов усы жылдың 12-май күни Ташкент қаласында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңесиниң XIV мәжлиси болып өткенлиги, онда ең тийкарғы мәселе есапланған алдымыздағы оғада жуўапкершиликли, көп миллетли халқымыз ҳәм мәмлекетимиз тәғдирине байланыслы болған үлкен сиясий мәселе турғанлығын айрықша атап өтти.
– Әдил пуқаралық жәмийетин қурыў жолынан барар екенбиз, оның беккем фундаменти болған нызамшылығымызды жетилистириў ҳәм дүнья стандартларына, заман талапларына сәйкеслендириўимиз зәрүр еди,-дейди М.Жуманов. – Бизиң жаңаланған Бас нызамымыз шын мәнидеги Жаңа Өзбекстанды қурыўымызға беккем сүйениш ҳәм исенимли қорған болып хызмет етеди.
ӨзЛиДеП дерлик 20 жыл даўамында мәмлекетимизде реформалардың белсене қатнасыўшысына айланып келди. Ҳәзирги күнде партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинде 86 мыңнан зыят ағзаларымыз 1060 басланғыш партия шөлкемине бирлескен ҳалда жумыс алып бармақта.
Елимизде кекселер, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў, санаатты күшейтиў, аймақлардың экономикалық-социаллық өсиўин тәмийинлеў, мәденият ҳәм санаат тараўларын раўажландырыў, улыўма алғанда инсан ҳәм оның мәплерин тәмийинлеў, адамларға мүнәсип турмыслық шараятларды жаратыў бағдарында үлкен нәтийжелерге ерисилди.
Ушырасыў даўамында студент-жаслар сөз етилген мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги