Нөкистеги 1-санлы спорт мектебинде «Әдиллик спартакиадасы»ның Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында әдиллик уйымларының хызметкерлери арасында өткен жылдан берли дәстүрий түрде «Әдиллик спартакиадасы» спорт жарыслары өткерип келинбекте.
Жарыста министрлик ҳәм районлық (қалалық) әдиллик бөлимлеринде жумыс ислейтуғын 100 ден аслам хызметкерлер спорттың мини-футбол, шахмат, шашка, стол тенниси, бадминтон, жеңил атлетика, армрестлинг, оқ жайдан оқ атыў, дартс ҳәм арқан тартысыў түрлери бойынша өз-ара күш сынасты.
– Спартакиаданы өткериўден мақсет – хызметкерлеримиз арасында спортты, саламат турмыс тәризин ен жайдырыў, олардың саламатлығын беккемлеў, спорт пенен турақлы шуғыллыныўды хошаметлеў болып табылады, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Ҳуқықый үгит-нәсиятлаў ҳәм ағартыўшылық бөлими бас мәсләҳәтшиси Зебо Базарбаева. – Жарысларда барлық хызметкерлеримиз өзлериниң күш-ғайратын, шаққанлығын көрсетти. Бул алдағы ўақытлары олардың жумысында да өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетеди, деп ойлайман.
Жарыс жеңимпазлары усы жылдың 9-11-июнь күнлери аралығында Ташкент қаласында өткерилиўи белгиленген республикалық басқышқа жоллама алды. Жеңимпазларға диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги