Өзбекстан Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Әзербайжан Республикасына сапары даўамында усы мәмлекет Президенти Илҳам Алиев пенен ушырасты.

Президент Илҳам Алиев Өзбекстан делегациясының Әзербайжанның уллы перзенти, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Ҳайдар Алиев туўылған күниниң 100 жыллығы мүнәсибети менен Әзербайжан Республикасы Миллий Межлисиниң гезексиз мәжилисинде қатнасып атырғаны, бул мәмлекеттиң улыўма миллий лидериниң естелигине көрсетилген жоқары ҳүрмет-иззет ушын миннетдаршылық билдирди.

Өзбекстан – Әзербайжан қатнасықларының ҳәзирги жағдайына тоқтап, Илҳам Алиев олар избе-из түрде стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Мәмлекет басшылары арасында өз-ара исеним ҳәм туўысқанлық қатнасықлары орнатылып, жоқары дәрежедеги сапарлар алмасыўының нәтийжели механизми жаратылғанын атап өтти. «Өткен жылдың өзинде мен Өзбекстанға 3 мәрте бардым. Бул биз ушын мәмлекетиңизден жақынырақ дос жоқ екенлигин және бир мәрте тастыйықлайды», деди И.Алиев.

Өз гезегинде, Т.Норбоева шын кеўилден қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, мәмлекетлеримиз басшыларының ҳәрекетлери менен кейинги жыллары Өзбекстан – Әзербайжан қатнасықлары сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышқа көтерилгенин атап өтти. Еки тәреплеме байланыслардың унамлы динамикасы дерлик барлық бағдар ҳәм дәрежелерде бақланып атырғаны, әҳмийетли, еки туўысқан мәмлекет халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер майданларында бир-бирин қоллап-қуўатлап киятырғанына айрықша тоқтап өтти.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан – Әзербайжан қатнасықларын еки мәмлекет парламентлераралық қарым-қатнасы арқалы раўажландырыўдың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланып, бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы бағдарлары, соның ишинде, машина қурылысы, аўыл хожалығы, тоқымашылық санааты, энергетика, инвестициялық ҳәм басқа да тараўларда анық жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир алысылды.

Ҳәзирги күнде Әзербайжанда экономиканың ҳәр қыйлы тармақлары мәселен, тоқымашылық ҳәм пиллешиликте IT-парклер ҳәм кластер системасын раўажландырыў бойынша Өзбекстан тәжирийбесин үйрениў ҳәм оны енгизиў мәселесине итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.

Тарийх, тил, мәденияттың бирдейлиги өзбек ҳәм әзербайжан халықлары арасындағы руўхый жақынлықты тастыйықлайды. Усы мәниде, ушырасыўда еки халық бир-бирин дилмашсыз түсинетуғыны, дослық қатнасықларды беккемлеўдиң әҳмийетли шәрти де мәдений-ағартыўшылық қарым-қатнас екенлиги айтып өтилди.

Ушырасыў даўамында Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы туўысқанлық байланысларының перспективалы даўам ететуғыны атап өтилип, еки мәмлекет жасларын бирлестириўге хызмет ететуғын арнаўлы форум шөлкемлестириў мәселесин көрип шығыў усынысы алға қойылды.


Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы