Самарқандта болып өтип атырған ЕҚБШның жыллық конференциясы ўақтында Mastercard глобал төлем технологиялары компаниясы Өзбекстанда өзиниң биринши рәсмий ўәкилханасы ашылатуғынын мәлим етти.
«Рәсмий ўәкилхананы ашыў бизге орынлардағы мүтәжликти жақсырақ түсиниў имканиятын береди ҳәм биз ең заманагөй санлы технологиялық шешимлерди усыныс етип, және де ғайрат пенен ислеймиз. Келешекте ҳәммениң мәпи ушын, жақын жылларда санлы экономиканың раўажланыўы бойынша улыўмалық мақсетлерге ерисиў жолында, биз және де жедел ҳәм нәтийжели ислейтуғынымызға исенемен»,-деди EEMEA (Шығыс Европа, Жақын Шығыс, Африка) регионында Mastercard президенти Димитриос Досис.
Қарақалпақстан хабар агентлиги