Өткен жылдың 20-октябрь күни Япония мәмлекетиниӊ арнаўлы гранты тийкарында Нөкис районлық медицина бирлеспеси ушын 90,6 мың доллар ажыратылған еди.
Бүгин Нөкис районлық медицина бирлеспесине Россия мәмлекетинен Японияныӊ Canon компаниясында ислеп шығарылған Medical sistem көп функциялы УЗИ аппараты алып келинип, бирлеспе басшыларына салтанатлы түрде тапсырылды.
– Әлбетте бул районымыздыӊ пуқаралары ушын жүдә үлкен жәрдем болып есапланады,-дейди районлық медицина бирлеспесиниң бас шыпакери Пердегүл Ембергенова.-Себеби, бул заманагөй медицина аппараты кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм оныӊ алдын алыўда үлкен хызмет атқарады. Атап айтатуғын болсақ, усы УЗИ аппараты адам организминдеги мүшелердиӊ анық ҳәм толық диагностикалық мағлыўматын алып, жүрек, баўыр, талақ, көкирек безлери, гинекология кеселликлерин тез анықлаўда жәрдем береди. Соның менен бирге, онда организмдеги тоқымалардыӊ қаттылығы, тығызлығы, майда қан тамырларыныӊ ишиндеги қан айланыслары ҳәм жас балалардағы бас мийиниӊ өзгерислери анықланады.
Емлеўхананың Япония грантын жеӊип алыўында бирлеспе бас шыпакери П.Ембергенова ҳәм Япония компаниясыныӊ менеджери Ж.Абатбаевалар айрықша хызмет атқарды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы