«15-май – халықаралық Шаңарақ күни»не бағышлап Мойнақ районындағы Арал ҳәм Таллыөзек мәкан пуқаралар жыйынлары ҳаял-қызлары белсендилери тәрепинен “Атам, анам ҳәм мен” атамасында спорт жарысы шөлкемлестирилди.
Жарыста усы аймақларда жасаўшы спортқа қызығыўшы шаңарақлар қатнасты.
Жарыс соңында 1-орынды Төремуратовтың шаңарағы жеңип алған болса, 2-орын Санетуллаев ҳәм Жумамуратовлар, 3-орынды Оразбаевлар шаңарағына несип етип, шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы