1965-70-жыллардан Қарақалпақстанда халық хожалығының барлық тараўлары сыяқлы илим-билим, көркем өнер, мәденият, әдебият тараўларында алға илгерилеў ҳәм раўажланыў көзге тасланды. Сол дәўир жаслары арасынан қарақалпақ халқының миллий әдебияты, мәденияты ҳәм көркем өнерин пүткил дүньяға танытатуғын талантлы инсанлар өсип жетилисти.

Миллий музыка ҳәм қосықшылық өнерин жаңа басқышқа алып шыққан  усындай белгили инсанлар қатарында халқымыздың сүйикли композиторына айланған Марқабай Жийемуратов та бар еди. 1943-жылы ҳәзирги Қараөзек районы аймағында туўылған оның саз-сәўбетке деген ықласы 5-6-класста оқып атырған ўақытлары басланып, оның дәслепки устазы сол мектептиң муғаллими Шанияз Мәмбетов болған.

1964-жылы Нөкис музыка-хореография училищесиниң скрипка бөлимин устазы Н. Муҳаммеддиновтан, ал 1975-жылы Ташкент мәмлекетлик консерваториясының композиторлық курсын устазы Георгий Мушельде ҳәм симфониялык оркестр дирижёрлық факультатив курсын устазы Захид Ҳакназаровта окып тамамлайды.

Пүткил дүньяға белгили қосықшы ҳәм композиторлар тәлим алған консерваторияда билимин жетилистириўи жас Марқабайдың талантының және де тасқынлаўына кең жол ашты. Әсиресе, жас ҳәўескер қосықшы Роза Сулайманова атқарған «Айдынлар», халқымыздың сүйикли қосықшысы Даўытбай Қайыповтың  «Кегейлиде бир нәзәлим бар десе», «Умытпа», «Сағыныш», «Лалазарда қосық айтар», «Туў сыртымнан қарай-қарай қалған қыз», «Алтынкөл», «Бестөбениң таўларында», «Умытпа», «Сени сағынаман атқан таңларда», «Саҳра қызына»,  «Айтар едиң жаман баласаң» ҳәм тағы басқа да қосық намалары профессионал композитор сыпатында Марқабай Жийемуратовты пүткил елге танытты.  Ҳәзир республикамыздың тысқарысында жасайтуғын ўатанласларымыз сүйикли композиторымыз дөреткен намаларды қосық етип атқарып, елге деген муҳаббаты ҳәм сағынышын билдиреди.

М.Жийемуратов консерваторияны оқып тамамлағаннан соң ҳәзирги Бердақ атындағы академиялық музыкалы театрда симфониялык оркестр дирижёры жәрдемшиси, Қарақалпақстан Телерадиоеситтириўлери комитетинде оркестр дирижёры, театр филармониясында музыкалық жақтан басшы, Жас тамашагөйлер театрында көркемлик жақтан басшы, 2-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде директор, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында аға окытыўшы ўазыйпаларында жумыс иследи.

Көркем өнер тараўында 200 ден аслам шығармалар дөретип, халқымыз ҳүрметине миясар болды.

Егер, М.Жийемуратов ҳәзир тири болғанында өзиниң 80 жасын белгилеген болар еди. Бирақ, ол арамызда болмағаны менен оның дөреткен әжайып намалары халқымыздың ядында мәңги сақланып қала береди. Сонлықтан быйылғы жылы пүткил республикамыз бойлап композитор М.Жийемуратовтың 80 ҳәм оның өмирлик жолдасы Қарақалпақстан халық шайыры Набийра Төрешованың 70 жыллық юбилейлери кең түрде белгиленип, оған Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери ҳүрметли атағы берилди.

Сүйикли композиторымыздың 80 жыллық юбилейи мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалында «Заманагөй музыка көркем өнериниң әҳмийетли мәселелери» атамасында республикалық илимий-әмелий әнжуман өткерилди.

Әнжуманды филиал директоры, профессор Рудакий Алланбаев ашты ҳәм басқарып барды.  Онда Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалы саз атқарыўшылығы профессоры Ҳикмат Ражабов, Нөкис қаласындағы 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби муғаллими Жолдасбай Турдымуратов, филиал профессоры, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Абатбай Қаллиев, онлайн-түрде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты доцентлери Бийбиайша Қудайбергенова ҳәм Зоя Арысланбаевалар шығып сөйлеп, М.Жийемуратовтың Қарақалпақстанның заманагөй музыкасын раўажландырыўдағы ислеген хызметлерин, дөреткен шығармаларын мақтаныш пенен тилге алды ҳәм бул бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

-Марқабай Жийемуратов тек ғана Қарақалпақстанлы қосықшы ҳәм композиторлардың устазы емес, ал, пүткил халқымыздың устазы десек болады,-дейди баянатшылардың бири Абатбай Қаллиев.-Ол өзи дөреткен қосық намалары арқалы жасларымызды Ўатансүйиўшиликке ҳәм жақсылыққа тәрбиялайды. Сонлықтан М.Жийемуратовтың атын мәңгилестириў мақсетинде, оның атына Қараөзек яки Нөкистеги Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң бирин  қойып, бул инсанға ескерткиш орнатсақ мақсетке муўапық болады, деп ойлайман.

Әнжуманда усы сыяқлы ой-пикирлер ортаға тасланып, бир аўыздан мақулланды.




Әнжуман композитор М.Жийемуратов тәрепинен дөретилген нама қосықлар, либеретто ҳәм романсларынан дүзилген концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Әнжуман ақырында Қарақалпақстан халық шайыры Набийра Төрешова шығып сөйлеп, өмирлик жолдасы композитор М.Жийемуратовқа көрсетилип атырған жоқары ҳүрмет ҳәм итибары ушын республикамыз ҳүкимети басшыларына, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалының жәмәәтине өзиниң терең миннетдаршылығын билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы