«Жасыл энергия» сертификатлары системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғ Президент қарары (ПҚ-156-санлы, 12.05.2023 ж.) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, электрдиң қайта тиклениўши дәреклер тийкарында ислеп шығарылыўын тастыйықлаўшы «жасыл энергия» сертификаты системасы төмендеги басқышларда енгизиледи:

– 2023-жыл 1-июльдан – «Өзбекгидроэнерго» АЖдағы гидроэлектр станцияларында ислеп шығарылған электр ушын;

– 2023-жыл 1-октябрьден – қуяш, самал ҳәм гидроэлектр станцияларында ислеп шығарылған электр ушын.

Бир «жасыл энергия» сертификаты 1000 кВт*саат электр ислеп шығарылғанын тастыйықлайды.

«Жасыл энергия» сертификатлары системасын жүргизиў Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен әмелге асырылады.

Қайта тиклениўши дәреклерден пайдаланыўға тийкарланған генерация объектлериниң «жасыл энергия» сертификатлары саўдасынан түскен дәраматлары пайда салығынан азат етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги