Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги «Улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде 2022-2023-оқыў жылын жуўмақлаў ҳәм «соңғы қоңыраў» илажларын өткериў бойынша усыныслар» ислеп шықты.
Оған бола, мектеп ҳәкимшилигине төмендегилер усыныс етилген:
– улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде «соңғы қоңыраў» илажлары 25-май күни азанғы саат 08:00 ден 09:00 ге шекем «Илимди қәдирлең, илимге умтылың!» сүрени астында шөлкемлестириў усыныс етилген.
– илажды тәртипли өткериў ҳәм оқыўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде оқыўшылар санынан келип шыққан ҳалда бул илажға тек ғана 1-, 4-, 9-, 11-класс оқыўшыларын тартыў;
– илажды мәҳәлле комитети, ата-аналар ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери менен биргеликте өрт ҳәм техника қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел еткен ҳалда өткериў және мектеп аймағына техникалық қураллар ҳәм бийтаныс шахслардың киргизилмеўин тәмийинлеў;
– «соңғы қоңыраў» илажларын, басқышлы қадағалаў имтиханлары ҳәм жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестацияларды өткериўде, билимлендириў мәкемелерин жаңа оқыў жылына таярлаў бағдарында оқыўшы ҳәм питкериўшилер және олардың ата-аналарынан ҳәр қыйлы пул жыйымларына жол қоймаў;
– мектеп турмысында белсене қатнасып атырған оқыўшылардың ата-аналарын руўхый хошаметлеўге айрықша итибар қаратыў.
Сондай-ақ, министрлик мектеплерде «соңғы қоңыраў» байрам илажын өткериў бойынша үлги сценарий де ислеп шыққан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги