Орайлық сайлаў комиссиясының мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына бағышланған гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилисте сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте сиясий партиялардың мүддетинен бурын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыўына руқсат бериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

– Нызамшылығымызға бола, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы, Өзбекстан Экологиялық партиясы ҳәм Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы тәрепинен мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыўға руқсат бериўди сорап ҳүжжетлер усынылды,-деди Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары Б.Қўчқоров. – Сайлаў кодексине муўапық, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен ҳүжжетлер көрип шығылып, бул партияларға 2023-жыл 9-июль күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыўы ушын руқсат берилди.

Мәжилисте сиясий партияларға өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыўы ушын руқсат бериў бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Сондай-ақ, мәжилис шеңберинде сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллерине сайлаўда қатнасыўға руқсат берилгенлиги ҳаққындағы гүўалық ҳәм белгиленген үлгидеги қолтаңба бетлери  бланкаларын тапсырыў мәселеси де көрип шығылды.











– Миллий нызамшылығымызға бола, сайлаўда қатнасыўына руқсат берилген сиясий партия Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанды қоллап-қуўатлап, Өзбекстан Республикасы жәми сайлаўшыларының улыўма санының кеминде бир процентиниң қолтаңбасын топлаўы керек, – деди ОСК секретариатының баслығы Х.Маматов. – Бир ҳәкимшилик-аймақлық структурада сиясий партия тийислисинше қолтаңбалар улыўмалық санының көби менен сегиз процентин топлаўы мүмкин. Сиясий партиялар өзиниң ўәкилликли ўәкилине ОСК тәрепинен дизимге алынғанлығы ҳаққында гүўалық берилгенинен кейин ғана талабанды қоллап-қуўатлаў бойынша сайлаўшылардың қолтаңбасын топлаўға ҳақылы. Бул сәнеге шекем топланған таңбалар болса есапқа алынбайды. Сондай-ақ, қол таңба жыйнаўда пуқараларды мәжбүрий түрде оған тартыў мүмкин емес. Сайлаўшылар бир ямаса бир неше талабанларды қоллап-қуўатлап қол қойыўғв ҳақылы. Қолтаңба бетлери усы жылдың 3-июнине шекем тапсырылыўы керек.

Мәжилисте сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллерине сайлаўда қатнасыўға руқсат берилгени ҳаққындағы гүўалық ҳәм белгиленген үлгидеги қолтаңба бланкаларын тапсырыў бойынша қарар қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы