Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен 2023-жыл 15-май күни арзалардың Орайлық сайлаў комиссиясына келип түсиўи гезегин есапқа алған ҳалда төмендеги сиясий партияларға усы жылы 9-июль күни болып өтетуғын мүддетинен бурын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыў ушын рухсат берилди:

  1. Өзбекстан Халық демократиялық партиясы (Орайлық сайлаў комиссиясының 1255-санлы қарары);
  2. Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы (Орайлық сайлаў комиссиясының 1256-санлы қарары);
  3. Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы (Орайлық сайлаў комиссиясының 1257-санлы қарары);
  4. Өзбекстан Экологиялық партиясы (Орайлық сайлаў комиссиясының 1258-санлы қарары);
  5. Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы (Орайлық сайлаў комиссиясының 1259-санлы қарары).

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыў ушын рухсат бериў ҳаққындағы қарарлар Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында жәрияланды.

Орайлық сайлаў комиссиясының

Баспасөз хызмети