Ташкент қаласында өткерилген “Алтын қәлем” миллий сыйлығын тапсырыў мәресиминде Қарақалпақстанлы журналистлердиң мийнети де ылайықлы баҳаланды.

  Атап айтқанда, “Ең жақсы журналистлик материал ушын миллий сыйлық (баспа ғалаба хабар қураллары) бағдары бойынша “Еркин Қарақалпақстан”-“Вести Каракалпакстана” газеталари редакциясы жәмәәти биринши орынды ийелеген болса, “Ең жақсы фоторепортаж ушын” номинациясында Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң (ӨзА) Қарақалпақстан Республикасы бойынша фотохабаршысы Мақсет Ҳәбийбуллаев жеңимпаз деп табылды.

Оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, статуэтка ҳәм ақшалай сыйлық тапсырылды.

Жеңимпазларды қутлықлаймыз.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.