Самарканд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети  Нөкис филиалында “15 май –Халықаралық шаңарақ күни” мүнәсибети менен “Биз-спортшы шаңарақпыз” сүрени астында профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары арасында спорт жарысы өткерилди.

Филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларын ғалабалық спортқа тартыў, олардың арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, пайдалы шынығыўлар менен шуғылландырыў арқалы өзлериниң ҳәм шаңарақ ағзаларының денсаўлығын беккемлеў мақсетинде кәсиплик аўқам тәрепинен шөлкемлестирилген жарыста 6 команда қатнасты. Олар қызықлы спорт шынығыўларын өз ишине алған 7 шәрт бойынша беллести.

Барлық командалар шаққанлық ҳәм епшиллик пенен ҳәрекет етип, жеңиске умтылды. Шаңарақ ағзалары менен биргеликте шәртлерди жоқары дәрежеде орынлаўға ҳәрекет етти.

Жарыс жуўмағында Ҳайўанатлар анатомиясы, физиологиясы ҳәм биохимиясы кафедрасынан қатнасқан Пиримбетовлар шаңарағы биринши орындлы ийелеп, жарыс жеңимпазы болды. Екинши орын филиал психологи Бекниязовлар шаңарағына, үшинши орын тьютор Хожамбергеновлардың шаңарағына несип етти.

Жеңимпаз ҳәм белсене қатнасқанларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом және баҳалы саўғалар тапсырылды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги