Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Статистика агентлиги баспасөз хизметиниң дәслепки мағлыўматларына бола, 2023 – жылдың январь-март айларында Өзбекстанда 27, 6 трлн сумлық қурылыс жумыслары орынланған. Бул 2022 – жылға салыстырғанда 4, 5 % ке артқанлығын көрсетеди. Соннан 3, 6 % Қарақалпақстан Республикасының үлесине туўра келеди. Ал, басқа аймақлардың қурылыс жумысларының орынланыў көлеминдеги үлеси төмендегише;
— Әндижан ўәлаяты – 4, 4 %
— Бухара ўәлаяты – 6, 2 %
— Жиззақ ўәлаяты – 2, 4 %
— Қашқадәрья ўәлаяты – 6, 1%
— Наўайы ўәлаяты – 4, 3 %
— Наманган ўәлаяты – 4, 7%
— Самарқанд ўәлаяты – 6, 3 %
— Сурхандәрья ўәлаяты – 5, 3 %
— Сырдәрья ўәлаяты – 2, 3 %
— Ташкент ўәлаяты – 10, 6 %
— Ферғана ўәлаяты – 6, 2 %
— Хорезм ўәлаяты – 3, 2 %
— Ташкент қаласы – 24, 8 %
Фарида Муслатдинова,
КМУ дың интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қаракалпақстан хабар агентлиги