Өзбекстан Қаҳарманлары, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылғанына 94 жыл толыўы мүнәсибети менен республикамыздың барлық орынларында әдебий кешелер, илимий-әмелий конференциялар, ушырасыўлар өткерилмекте.
Жақында усындай илажлардың бири Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қарақалпақ академиялық лицейинде өткерилди. Онда шығып сөйлегенлер И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновтың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.
– Бул еки уллы тулға тек қарақалпақ халқының емес, ал, пүткил түркий халықлардың уллы шайыры менен жазыўшысы, -дейди лицейдиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Лиза Шамуратова. –Олар батыс ҳәм шығыс классикалық әдебиятының көркем үлгилерин қарақалпақ әдебиятына алып келди.
Кешеде шайыр ҳәм жазыўшының шығармалары бойынша лицейде билим алып атырған оқыўшылар тәрепинен таярланған сахналық көринислер қойылып, олардың шығармаларынан үзиндилер оқып берилди.
-Уллы бабаларымыз И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновтың шығармалары биз жаслардың кеўлимизден терең орын алған, – дейди лицей оқыўшысы Мухаммедали Аяпбергенов. – Оларды оқып қәлбимизде Ўатанға садықлық, елге мухаббат сезимлерин қәлиплестиремиз ҳәм китап оқыўға болған қызығыўшылығымызды және де арттырыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги